Халықаралық дайджест (+видео)

159

Россия президенти Владимир Путин Украинадағы келиспеўшиликти шешиў бойынша сөйлесиўлерди созып, бул арада фронтта жаңа ҳүжимге таярлық көрмекте. Бул ҳаққында жағдайдан хабардар адамлар Bloomberg  агентлигине хабар берди. Европа мәмлекетлери ҳәм Украина прогнозларына бола, Россия армиясы Покровск әтирапында ири ҳүжим баслаўы мүмкин. Рус әскерлери бул қаланы бир жылдан артық ўақыт даўамында ийелей алмай атыр. Өткен ҳәптеде өткерилген Украина бойынша сөйлесиўлерде Германия ҳәм Франция рәсмийлери Россияның Покровск жанында күш топлап атырғанын додалаған. 29-август күни болса президент Владимир Зеленский Россия бул аймаққа 100 мың әскер жибергенин мәлим етти.

Нигерияда 2-сентябрь күни жүзден аслам жолаўшыны алып кетип атырған қайық аўдарылып кетти. Ақыбетинде 60 адам қайтыс болды. Бул ҳаққында Al Jazeera хабар берди. Апатшылық сийшемби күни, жергиликли ўақыт пенен саат 11:00 шамасында жүз берген. Қайық Тунган Суле қаласынан Дугга аўылына баратырған еди. Айрықша жағдайлар агентлигиниң мағлыўматларына бола, қайық суў астындағы теректиң түбирине урылған ҳәм аўыр жүк себепли аўдарылып кеткен. Қайықта тийкарынан ҳаяллар ҳәм балалар болып, олар Дуггаға кеўил билдириў ушын жол алған еди.

Мексикадағы зоопаркте жолбарыс режелестирилген бақлаў ўақтында ветеринарға ҳүжим етти. Бул ҳаққында Daily Mail хабар берди. Ўақыя Халиско штатының Мазамитла қаласында жайласқан ҳайўанат бағында жүз берген. Ўақыя сәўлеленген видео социаллық тармақларда тарқалған. Онда ветеринар Александра Мора жыртқышты көзден өткерип атырғанда, жолбарыс тосаттан оған топылып, ҳаялдың курткасынан услап ҳәм мойнын тислемекши болғанын көриў мүмкин.

Россия президенти Владимир Путин басып алынған аймақлардан жаңа ҳүжимлер ушын трамплин сыпатында пайдаланбақта, сол себепли Украина аймақларды бериўге разы емес. Бул ҳаққында президент Владимир Зеленский Le Point басылымына берген интервьюинде мәлим етти. Зеленскийдиң сөзлерине бола, айырым ғалаба хабар қураллары украина әскерлери шығыс аймақларды таслап кеткенинде тынышлық орнатылған болар еди, деп жазбақта. Украина президенти бул ҳақыйқатлықтан узақ екенин айтты. Ол 2014-жылы басып алынған Қрымды мысал етип келтирди. Бул басқын Россияға 2022-жылы Украинаның қубласын ийелеўде трамплин ўазыйпасын атқарған.

АҚШ федерал суды Google компаниясын пайдаланыўшылардың сырын бузыўда айыплап, 425 миллион доллар жәриймаға тартты. Бул ҳаққында ВВС хабар берди. Судтың анықлаўынша, пайдаланыўшылар жеке мағлыўматлар бақлаў функциясын өширген болса да, Google мағлыўматларды жыйнаўды даўам еткен. Даўа 2020-жылы берилген болып, шама менен 98 миллион пайдаланыўшы ҳәм 174 миллион қурылмаға тийисли. Дәслеп даўагер тәреп 31 миллиард доллардан аслам компенсация талап еткен еди.

Ирода Жўраева, Улуғбек Тўхтаев, ӨзА