Өзбекстан елшиси Саудия Арабстанының Асир регионы Саўда-санаат палатасының басшылары менен бирге ислесиў перспективаларын додалады

138

Өзбекстан елшиси Нодиржон Турғунов Абҳа қаласында Саудия Арабстанының Асир регионы саўда-санаат палатасының бас хаткери Мисфар ал-Видаъий менен ушырасты, деп хабар бермекте “Дунё” МА.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны исбилермен топарларының ўәкиллери арасында бирге ислесиўди жолға қойыў, елимизге сырт ел инвестицияларын тартыў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм басқа да мәселелер бойынша пикир алысылды.

Өзбекстанның аўыл хожалығы ҳәм жер асты байлықларын қазып алыў тараўындағы бай тәжирийбесинен келип шығып, бул тараўларда өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм қәнигелер арасында онлайн ушырасыўлар шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Бас хаткер Мисфар ал-Видаъий соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасындағы қатнасықлар ҳәр тәреплеме раўажланып атырғанын, өз-ара сапарлар саны артып атырғанын атап өтти. Ол, сондай-ақ, Саудия исбилерменлери Өзбекстан тәрепи менен бирге ислесиў орнатыўдан мәпдар екенин билдирип, палата ҳәм оның жуўапкер шахслары бул бағдарда барлық ҳәрекетлерди иске қосўға таяр екенин билдирди.

Өзбекстан елшиси, өз гезегинде, еки мәмлекет арасындағы экономикалық байланысларды беккемлеў ҳәм өз-ара саўда көлемин арттырыў бойынша бир қатар усынысларды алға қойды.

Ушырасыў жуўмағында додаланған мәселелердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өз-ара сөйлесиўлерди даўам еттириў ҳаққында келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги