Денсаўлықты сақлаў тараўына 2,8 триллион сум көп қаржы ажыратылған

148

Президентимиздиң “Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли өткен шахсларды әпиў етиў ҳаққында”ғы пәрманына бола, бурын жынаят ислеген ҳәм жазаға тартылған 523 шахс әпиў етилди. Олардың айырымларының жаза мүддети қысқарған болса, айырымларының жаза түри жеңилиреги менен алмастырылды.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы “Адолат” СДП фракциясының мәжилисинде дәслеп бул ҳүжжеттиң әҳмийети, мазмун-мәниси додаланды. Депутатлар бул ҳүжжет тек ғана әпиў етилген пуқаралардың өмиринде емес, ал олардың шаңарағы, перзентлери ҳәм пүткил жәмийет ушын үлкен руўхый әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Бул инсаныйлыққа қаратылған ҳүжжет партияның Сайлаўалды бағдарламасында белгиленген инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, жәмийетте әдиллик нормаларын беккемлеў бағдарындағы бағдарламалық ўазыйпаларына үнлес екени атап өтилди.

Сондай-ақ, мәжилисте Мәмлекетлик бюджет ҳәм мақсетли қорлар бюджетлериниң 2025-жылдың биринши ярым жыллығындағы орынланыўы дәслепки тәризде көрип шығылды. Депутатлар партия электоратының мәплеринен келип шығып, медициналық хызметлер, билимлендириўдиң сапасы, суд-ҳуқық мәселелеринде бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўы мәселесине итибар қаратты.

Соның ишинде, денсаўлықты сақлаў тараўына Мәмлекетлик бюджеттен 19,4 триллион сум ямаса 2024-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 2,8 триллион сумға көп қаржылар ажыратылғаны айрықша атап өтилди. Соның менен бирге, есабатта Денсаўлықты сақлаў министрлигине 2025-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет арқалы ажыратылған қаржылар жумсалмай қалғанының себеплери менен қызықсынды.

Муҳтарама Комилова, ӨзА