Бажыхана аймағынан алып шығылатуғын товарлардың бажыхана баҳасын анықлаў тәртиби белгиленди

155

Министрлер Кабинетиниң усы жыл 3-сентябрьдеги 560-санлы қарары менен «Өзбекстан Республикасының бажыхана аймағынан алып шығылатуғын товарлардың бажыхана баҳасын  анықлаў тәртиби ҳаққында»ғы реже тастыйықланды.

Режеге бола, алып шығылып атырған товарлардың бажыхана баҳасын анықлаў товарлардың  ықтыярлы ямаса  жасалма бажыхана баҳасынан пайдаланыўға тийкарланбаўы керек.

Егер  алып шығылатуғын товардың бажыхана баҳасын анықлаўдың 1-усылын қолланыў мүмкин болмаса, басқа усыллар  избе-изликте қолланылады.

Бажыхана баҳасын анықлаўдың басланғыш орны ҳәр қашан ҳақыйқатында төленген ямаса төлениўи зәрүр болған баҳаны, яғный сатып алыўшы сатыўшыға төлеген ямаса төлеўи зәрүр болған  ҳақыйқый қәрежетлерин белгилеў есапланады.

Ш.Маматуропова,

ӨзА