Билимлендириў тараўына ажыратылған бюджет қәрежетлери додаланды

Усы күнлерде Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы комитетлер мәжилислеринде Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2025-жыл биринши ярым жыллығындағы орынланыўы дәслепки түрде көрип шығылмақта.
Соның ишинде, Илим, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм жаслар мәселелери комитетиниң мәжилисинде комитет ағзалары есабат дәўиринде билимлендириў системасы мәкемелерин сақлаў ҳәм оларды раўажландырыў қәрежетлерине ажыратылған қаржылардың қай дәрежеде мақсетли жумсалғанына итибар қаратты.

Атап өтилгениндей, билимлендириў тараўындағы қәрежетлердиң 70 проценти улыўма билимлендириўге, 18 проценти мектепке шекемги билимлендириўге ҳәм 12 проценти кадрлар таярлаўға қаратылған. Кадрлар таярлаў тараўына 5 триллион сум ямаса билимлендириў тараўы қәрежетлериниң 11,8 проценти қаратылған. Бул тараўдың және бир бөлеги болған жоқары билимлендириў мәкемелерин сақлаў қәрежетлери ушын есабат дәўиринде 2,8 триллион сум ямаса өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 20 процентке көп қәрежетлер әмелге асырылған.
Сондай-ақ, додалаўларда мәденият, көркем өнер ҳәм спорт тараўларын қаржыландырыў, китапханаларды сақлаўға бағдарланған қаржыларға да тоқтап өтилди.
***
Демократиялық институтлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў мәселелери комитетиниң мәжилисинде болса Мәмлекетлик бюджеттиң ярым жыллықтағы орынланыўы таллаў-сын көзқараста көрип шығылды. Комитеттиң бағдарынан келип шығып, депутатлар Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде мәмлекет тәрепинен пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, өзин-өзи басқарыў уйымларын сақлаў қәрежетлери, сондай-ақ, гендер мәселелери бойынша қәрежетлерге айрықша итибар қаратты.

Депутатлар унамлы нәтийжелер менен бирге, бюджет қаржыларынан мақсетли пайдаланыў бойынша айырым кемшиликлерге жол қойылғанын атап өтип, бир қатар усыныслар берди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА