Өзбекстанда абитуриентлердиң 41,29 проценти минимал балл топлай алмады

Юрист ҳәм блогер Хушнудбек Худойбердиевтиң мәлим етиўинше, 2025-жылғы қабыллаў имтиханларында абитуриентлердиң 41 проценттен асламы белгиленген минимал баллды топлай алмаған.
Рәсмий мағлыўматларға бола, быйыл тест сынақларында 614 768 абитуриент қатнасқан. Бул өткен жылға салыстырғанда 122 мыңға аз.
Имтихан нәтийжелерине бола, 253 844 абитуриент (41,29%) минимал есапланған 56,7 баллды (максимал баллдың 30 проценти) топлай алмаған.
Соның менен бирге, өткен жылға салыстырғанда көрсеткиш 6 процентке жақсыланғаны атап өтилмекте. Худайбердиевтиң атап өтиўинше, соңғы жыллары унамлы динамика бақланбақта. Мәселен, 2022-жылы абитуриентлердиң 51,2 проценти минимал баллдан төмен көрсеткишке ийе болған.
Аймақлар кесиминде ең төмен нәтийже Әндижан ўәлаятында бақланды – бул жерде абитуриентлердиң 47,6 проценти минимал баллды топлай алмаған. Ең жақсы көрсеткиш болса Бухара ҳәм Ташкентте дизимге алынды – 31,4 процент.

Қарақалпақстан хабар агентлиги