Сырт ел баспасөзи Өзбекстан ҳаққында

160

Қытайдың “Сhinadaily басылымы Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги хабаршысы Нозимбек Мардоновтың мақаласын басып шығарды.

Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен жазылған “Өзбекстан руўхы ҳәм елимиздиң дүнья көлеминдеги абырайы” атамасындағы мақалада автор, соның ишинде, былай деп жазады:

– Жақында Қытайда бир неше айлық сапарда болдым. Усы дәўир ишинде кеўлим Ўатан сағынышынан тысқары мақтаныш сезими менен де толы болды. Бул сезимди киши бир көринис арқалы сүўретлеўге ҳәрекет етемен. Шын үлкеси бойлап кәсиплеслеримиз бенен бирге саяхат етер екенмен, бәрқулла байрағымызды ийниме илдирип жүрдим. Қуўанышлы тәрепи, ҳеш ким “Бул қайсы мәмлекеттиң байрағы?” деп сорамаған. Керисинше, көпшилик ҳүрмет пенен бир-бирине “Өзбекстан байрағы”, деп сөйледи. Сол ўақытлары жүрегимде шексиз мақтаныш толқынланды.

Шын елинде жәрияланған мақалада мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайы жаңа басқышқа көтерилгени, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң ис-ҳәрекетлери себепли Өзбекстан сыртқы сиясатта ашық, тынышлықты сүйиўши ҳәм белсенди мәмлекет сыпатында тән алынып, айрықша ҳүрметке ийе болып атырғаны атап өтилген. Енди Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы сыяқлы ири халықаралық структуралар минберлеринен халқымыздың ҳаўазы жаңлап атырғаны, Орайлық Азияда турақлылық, транспорт ҳәм логистика бағдарлары, экология ҳәм суў ресурслары, жасыл энергия, инсан ҳуқықлары ҳәм жаслар сиясатына байланыслы басламалар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланып атырғаны атап өтилген.

Автор елимизде жас әўладқа үлкен итибар қаратылып атырғаны, миллионлаған өзбек жаслары сырт ел жоқары оқыў орынларында билим алып, заманагөй билим ҳәм технологияларды ийелеп атырғанына итибар қаратылған.

Атап айтқанда, “Жаслар – келешегимиз” принципи әмелде өзин көрсетип атырғаны, Жаслар парламенти, мәмлекетлик грантлар, IТ-парклер, стартап бағдарламалары – булардың барлығы жаслар ушын кең имканиятлар ашып атырғаны, әсиресе, спорт жарысларында ул-қызларымыз турақлы түрде байрағымызды бәлент көтерип атырғаны да атап өтилген.

М.Пирматова, ӨзА