Жасалма интеллект имканиятлары: енди судлар да оннан пайдаланады

151

Бүгинги күнде жасалма интеллект күнделикли турмысымызға барған сайын кеңирек кирип бармақта. Себеби, ол шексиз имканиятларға ийе.

Президентимиздиң 2025-жыл 21-августтағы “Судлардың жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў ҳәм суд системасының материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы Пәрманы да пикиримизди дәлиллейди.

Усы ҳүжжет тийкарында судлардың жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў ҳәм санластырыў процесслерин жеделлестириў, сондай-ақ, судларда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын қолайлы шараятлар жаратып бериўдиң тийкарғы мақсетлери белгиленди.

Хош, бул нелерден ибарат болады?

Бәринен бурын, суд ислерин жүргизиўде қағаз түринен ўаз кешиў мақсетинде “Санлы суд” концепциясы тийкарында жумыслардың жүргизилиўи басқышпа-басқыш толық электрон түрге өткериледи. Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине көрсетилетуғын интерактив электрон хызметлердиң түрлерин арттырып барыў, суд ҳүжжетлеринен нусқа алыў, суд ислери менен танысыў, арзаның судқа тийислилигин ҳәм судлаўға тийислилигин анықлаў, жасалма интеллект жәрдеминде суд қәрежетлерин есаплаў имканиятын жаратыў, сондай-ақ, суд тәрепинен қадаған етилген дәреклер ҳәм контентлердиң электрон реестри жүргизиледи.

Сондай-ақ, Жоқарғы судтың мәлимлеме системалары тийкарында суд ҳүжжетлери архивиниң модули ислеп шығылып, әмелиятқа енгизиледи. Судлардың жумысын санластырыў бойынша “Кибер ҳуқық” бағдарында илимий изертлеўлер өткериледи. Буның ушын болса судьялар ҳәм суд аппараты хызметкерлериниң санлы саўатлылығы ҳәм маманлығы турақлы түрде арттырып барылады. Қалаберди, “Санлы суд” концепциясы тийкарында басқышпа-басқыш суд мәжилислери заллары шөлкемлестириледи ҳәм халық ҳәм судьялар ушын қолайлы ҳәм заманагөй шараятлар жаратылады. Соның менен бирге, судьялар ҳәм суд хызметкерлериниң социаллық қорғалыўы күшейтиледи.

“Санлы суд” концепциясы пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине қолайлықлар жаратыў ҳәм суд ислерин көриўди әпиўайыластырыў мақсетинде әмелге асырылатуғынын атап өтиў керек. Онда судқа арза бериўден алдын жасалма интеллект жәрдеминде суд додалаўының шама менен нәтийжеси ҳәм жумсалатуғын қәрежетлер қәлиплестириледи. Мүрәжатлар судқа электрон түрде жибериледи. Ең әҳмийетлиси, иске қатнасыўшы шахслар суд имаратына бармайды ҳәм суд додалаўларында аралықтан турып қатнасады.

Буннан тысқары, тәреплер ҳәм исте қатнасып атырған басқа да шахсларға суд процесслеринде иске байланыслы барлық материаллар менен электрон түрде танысыў имканияты жаратылады. Суд қәрежетлери электрон түрде есапланады ҳәм төленеди, сондай-ақ, орынлаў қағазлары автомат түрде орынлаўға жибериледи. Суд ислери заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда толық электрон түрде жүргизиледи. Жасалма интеллект жәрдеминде суд мәжилисиниң протоколлары реал ўақыт режиминде текст түринде таярланады. Сондай-ақ, суд ҳүжжетлериниң жойбарлары автомат түрде қәлиплестириледи.

Пәрманның және бир итибарлы тәрепи – 2025-2027-жылларға мөлшерленген суд тараўын санластырыў ҳәм әдил судлаў процесслерине заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў бағдарламасы тастыйықланған. Бағдарлама шеңберинде 2025-жыл 1-декабрьден баслап пуқаралар, адвокатлар, юристлер, судьялар ушын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди таллаў платформасы иске қосылады. Жылдың ақырына шекем болса суд ҳүжжетлерин автомат таярлаў арнаўлы мәлимлеме бағдарламасы жаратылады. 2026-жыл 1-январьдан баслап “my.sud.uz” интерактив хызметлер порталында пуқараларға ҳуқықый жәрдем көрсетиў модули енгизилип, онда жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын виртуал мәсләҳәтши жаратылады. Ҳуқықый мүрәжатларға жуўап бериў ҳәм суд мағлыўматлары автомат түрде жеткериледи.

Және бир гәп. 2026-жыл 1-марттан баслап пуқаралық, ҳәкимшилик, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер бойынша дәслепки суд мағлыўматларын пуқараларға Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы алыў имканияты жаратылады. Сондай-ақ, 2026-жылдың ақырына шекем пуқараларға әдил судлаўға ерисиўде қолайлы имканиятлар жаратыў мақсетинде 5 жаңа интерактив хызметлер жолға қойылады. Судтың мәлимлеме системасындағы “Жеке кабинет” платформасының пайдаланыўшылар ушын және де қолайлы болған жаңа версиясын ислеп шығыў да солардың қатарына киреди.

Жуўмақ орнында айтыў мүмкин, атап өтилген пәрманның қабыл етилиўи “Жаңа Өзбекстан – жаңа реформалар” принципиниң әмелдеги көриниси болып есапланады. Себеби, системадағы реформалардың баслы мақсети инсаныйлық екени ҳеш кимге сыр емес.

 

ӨзА