Аўыл хожалығы өнимлери ушын қосымша қун салығы жеңиллестириледи

Президент Шавкат Мирзиёев 4-сентябрь күни аўыл хожалығында қосымша қун шынжырын жаратыў илажлары бойынша презентация менен танысты
Соңғы жыллары бул тараў структуралық жақтан реформаланып, нәтийжелиликти арттырыў илажлары көрилди. Пахта ҳәм ғәлле майданлары қысқартылып, азық-аўқат өнимлери ушын ажыратылды. 160 мың гектар жаңа бағ ҳәм жүзим атызлары жаратылды. 1 миллиард долларлық 1 мың 500 азық-аўқат жойбары иске қосылды.
Бирақ аўыл хожалығында елеге шекем жасырын экономиканың үлеси жоқары. Жетистирилген өнимниң ҳәммеси де есабатларда көрсетилмейди. Азық-аўқат өнимлерин сатыўда қосымша қун салығы 12 процентти қурамақта.

Бул мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде көтерилген еди. Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда дийқан ҳәм фермерлерге қолайлық жаратыў, салық жүгин жеңиллетиў бойынша жуўапкерлерге көрсетпе берген еди.
Соған муўапық, Халықаралық валюта қоры, маман сырт ел ҳәм жергиликли экспертлердиң қатнасыўында аўыл хожалығын “саядан” шығарыў бойынша усыныслар ислеп шығылды.
Оған бола, келеси жылы 1-январьдан баслап, аўыл хожалығы кәрханалары дийқан ҳәм фермерлерге өзи жетистирген аўыл хожалығы өнимин (ғәлле ҳәм пахтадан тысқары) сатыўда қосымша қун салығы ноллик ставкада болады.
Соның менен бирге, өнимди жетистириўде туқым, төгин, жанылғы, транспорт, электр сыяқлы қәрежетлер ушын есапқа алынған ҚҚСты қайтарып бериў әмелияты да сақланып қалады.

Нәтийжеде фермер ҳәм дийқанлардың ықтыярында жылына 300 миллиард сум қаржы қалады, ҳәм 400 миллиард сумлық салықты қайтарып алыў имканияты болады.
Улыўма, бул жеңилликлер тараў ўәкиллериниң ашық-айдын ислеўине түртки береди, орынларда ири санаатласқан плантациялар ҳәм қайта ислеў кәрханаларының көбейиўине беккем тийкар жаратады.
Жуўапкерлерге бул жаңа системаны дийқан ҳәм фермерлерге түсиндирип, нәтийжели жолға қойыў, азық-аўқат өнимлерин жетистириўди хошаметлеў бойынша көрсетпелер берилди.
ӨзА