Өзбекстан делегациясы Монголияда әҳмийетли келисимге еристи

Кейинги жыллары Өзбекстан халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, илим ҳәм өндирис тараўларында биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратпақта. Әсиресе, геология ҳәм таў-кән санааты сыяқлы стратегиялық тармақларда тәжирийбе алмасыў ҳәм жаңа бағдарламаларды жолға қойыў еки мәмлекет ушын үлкен әҳмийетке ийе.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан делегациясының Монголияға әмелий сапары да усы мақсетлерге қаратылған. Сапар шеңберинде делегация Монголия Илим ҳәм технологиялар университети жанындағы Геология институтының басшылары менен ушырасты.
Сөйлесиў ўақтында кадрлар таярлаў, илимий жойбарлар ҳәм академиялық алмасыў мәселелери додаланды. Онда тәреплер атап өткениндей, Өзбекстан ҳәм Монголия геологлары арасында тәжирийбе алмасыў, жас қәнигелер ушын биргеликтеги грантлар ҳәм әмелият бағдарламаларын жаратыў, илимий изертлеўлерди халықаралық көлемде биргеликте алып барыў имканиятлары ашылады. Бул болса еки мәмлекеттиң таў-кән потенциалынан нәтийжели пайдаланыўға хызмет етеди.

Ушырасыў жуўмағында бул бағдарларда бирге ислесиўди беккемлеўге келисип алынды. Буннан соң, тәреплер илимий-билимлендириў процесслерин халықаралық стандартлар тийкарында шөлкемлестириў, студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылар ушын академиялық алмасыў бағдарламаларын жолға қойыў, биргеликтеги илимий жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисим меморандумына қол қойды.
Еслетип өтемиз, делегацияның әмелий сапары даўам етпекте.
ӨзА