Баспалардағы бас редактор лаўазымының абырайы ҳәм жуўапкершилиги арттырылады

Баспа жумысы тараўын жетилистириў, сапалы әдебиятларды басып шығарыўды қоллап-қуўатлаў, китапқумарлық мәдениятын ғалаба ен жайдырыўға қаратылған избе-из илажлар әмелге асырылмақта.
Сенаттың оныншы жалпы мәжилисинде додаланған “Баспа жумысы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам усы жумыслардың логикалық даўамы болып есапланады.
Соңғы 4 жылда баспалардың саны 3,5 есеге көбейип, 590 ға жетти, соннан 90 процентин жеке меншик баспалар қурамақта.

Бүгинги күнге келип баспалардың өндирислик қуўатлылығы 2 есеге артып, ҳәр жылы орташа 11 мың атамада 40 миллион нусқада әдебиятлар басып шығарылмақта.
Тараўды раўажландырыў мақсетинде 25 миллион доллар муғдарында тиккелей инвестициялар киргизилген. Сондай-ақ, 2025-жыл 1-январьдан баслап баспа кәрханалары пайда салығын төлеўден 5 жыл мүддетке азат етилди.
Пайда болып атырған жаңа социаллық қатнасықлар, алып барылған үйрениўлердиң нәтийжелери “Баспа жумысы ҳаққында”ғы нызамның айырым нормаларын жетилистириў зәрүрлигиниң бар екенлигин көрсеткен. Басып шығарылып атырған китапларда балалардың жас өзгешеликлерине сәйкес келмейтуғын ҳәм санасына унамсыз тәсир көрсететуғын мәлимлемелер сәўлеленгени, айырымлары әмелдеги мәмлекетлик стандартлар талапларына сәйкес келмейтуғыны, тарийхый фактлер надурыс тәризде берилгени, анық емес ҳәм илимий дәлилленбеген мағлыўматлар баян етилгени анықланған.

“Баспа жумысы ҳаққында”ғы нызамға басылым бас редакторының ҳуқықый статусын белгилеў, китапқумарлық мәдениятын хошаметлеўге қаратылған дүзетиўлер киргизилмекте.
Нызамда бас редактор баспа редакциясының дөретиўшилик жумысына басшылық етиўи, баспа тематикалық режелериниң ислеп шығылыўы ҳәм басылымлардың нызамшылық талапларына, баспа жумысы тараўындағы техникалық регламент (миллий стандарт) талапларына муўапық таярланыўы ушын жуўапкер екени белгиленбекте.
Ендигиден былай бас редактор лаўазымына жоқары мағлыўматқа ҳәм баспа жумысында кеминде үш жыл жумыс стажына ийе болған шахс тайынланады. Бас редактор шөлкемниң шөлкемлестириўшиси ямаса басшысы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан босатылады. Буннан тысқары, баспа басылымларын шығарыў ҳаққындағы қарар бас редактор тәрепинен қабыл етиледи. Ол басылымның дөретиўшилик жумысы ушын жуўапкер болады.

Нызам менен китапқумарлықты хошаметлеў – китапқумарлық мәдениятын ғалаба ен жайдырыў ҳәм арттырыў принципи сыпатында белгиленбекте.
Сенаторлар мақулланған нызам китапларды миллий стандартлар тийкарында басып шығарыў, китапларда нызамшылыққа ҳәм социаллық әдеп-икрамлылыққа қайшы мазмундағы мәлимлемелер тарқатылыўының алдын алыў ҳәм жәмийетте китапқумарлық мәдениятын, баспалардың социаллық жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди.
ӨзА