Ташкентте Орал Тансықбаев шығармаларының көргизбеси ашылды

Пайтахтымыздағы Сүўретлеў көркем өнери галереясында Өзбекстан халық художниги Орал Тансықбаев туўылғанының 120 жыллығына бағышланған юбилей көргизбе өз жумысын баслады.
Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры тәрепинен шөлкемлестирилген экспозицияда художниктиң 124 шығармасы қойылмақта. Олардан 106 cы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер музейи ҳәм Орал Тансықбаев үй-музейи коллекцияларынан, сондай-ақ, 18 дөретпе А.Қастеев атындағы Қазақстан мәмлекетлик көркем өнер музейинен алынған.
1904-1974-жыллар аралығында жасап дөретиўшилик еткен Орал Тансықбаев художник ҳәм живопись шебери болған. “Гүрес”, “Кәрўан”, “Отаў”, “Өзбекстанда бәҳәр” сыяқлы онлаған белгили шығармалары бар. Художниктиң дөретпелери Өзбекстан, Москва, сониң ишинде, 1934-жылы АҚШтың Филадельфия қаласында да көргизбеге қойылған.
– Орал Таңсықбаевтың дөретиўшилик үлгилеринен оның қоршаған орталыққа болған сүйиспеншилигин сезиў мүмкин. Художниктиң жигирмаланшы жыллардың басы, отызыншы жыллар ақырындағы жумысларын дыққат пенен үйрениў арқалы ондағы жасырын умтылысларды сеземиз. Көплеген факторлар себепли Тансықбаев авангард бағдарына қарай жедел раўажланған. 1968-жылы художник И.В.Савицкий тәрепинен сайлап алынған 150 ден аслам дөретпелерин Нөкис музейи коллекциясына бийғәрез тапсырған, – деди И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейиниң директоры Гүлбәҳәр Изентаева ӨзАның хабаршысына берген интервьюинде.
















Көргизбе алдынан Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры 70 тен аслам картинаны реставрациялаўға киристи ҳәм бул процесске жетекши француз қәнигелери тартылды. Сондай-ақ, художниктиң юбилейи мүнәсибети менен Италияның Electa Publishing баспасы менен биргеликте көргизбениң илимий каталоги де таярланбақта.
Көргизбе 20-ноябрьге шекем даўам етеди.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ, Аслиддин АЛИЖОНОВ (фото), ӨзА