Жуўапкершилиги шекленген жәмийетлердеги үлеслер алдаўшылық пенен өзлестирилиўине жол қойылмайды

176

Елимизде исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллапқуўатлаў, соның ишинде, корпоративлик қатнасықларды раўажландырыў бағдарында избеиз реформалар әмелге асырылмақта.

Жуўапкершилиги шекленген жәмийетлердиң жумысын тәртипке салатуғын нормаларды системаластырыў ҳәм бирдей етиў және унамлы сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, оларды толықтырыў зәрүрлиги бар екенлиги себепли “Жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер ҳаққында”ғы нызам ислеп шығылды.

Сенаттың жалпы мәжилисинде додаланған нызамда жәмийеттиң филиаллары ҳәм ўәкилханалары, филиал ҳәм ғәрезли хожалық жәмийетлерин ашыў тәртиби, жәмийет қатнасыўшылары арасындағы келиспеўшиликли жағдайды шешиў және жәмийет улыўма мәжилиси протоколының нусқаларын қатнасыўшыларға жеткериў мәселелери өз көринисин тапқан.

Буннан тысқары, жәмийеттиң бақлаў кеңеси ағзаларын сайлаў тәртиби ҳәм жәмийеттиң жеке басшылық тийкарындағы атқарыў уйымы (директор)ның ҳәм коллегиал атқарыў уйымларының миннетлемелери де нәзерде тутылмақта.

Нызам менен жәмийет тек ғана лицензия емес, ал руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлер тийкарында ямаса хабардар етиў тәртибинде белгили бир жумыс түрлери менен шуғылланыўы мүмкин екенлиги белгиленбекте. Жәмийет қатнасыўшыларына өзлериниң корпоратив ҳуқықларын әмелге асырыў ҳаққында корпоратив шәртнамалар дүзиў сыяқлы бир қатар ҳуқықлар берилиўи нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, жәмийет бақлаў кеңесиниң қарарларын сырттан даўыс бериў ҳәм бақлаў кеңеси ағзаларын сайлаў тәртиби, бақлаў кеңесиниң ўәкилликлери және азшылық қатнасыўшылар комитетин шөлкемлестириўге байланыслы қағыйда беккемленбекте.

Мәжилисте жуўапкершилиги шекленген жәмийетлердиң жумысына заманагөй корпоративлик басқарыў системасын енгизиў, олардың жумысын тәртипке салатуғын нызам ҳүжжетлериндеги ҳуқықый бослықларды сапластырыў ҳәм жәмийет қатнасыўшыларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Сенаторлар мақуллаған нызам жәмийет қатнасыўшыларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң кепилликлерин буннан былай да беккемлеў, олардың үлеслери алдаў ҳәм алдаўшылық жолы менен өзлестирилиўине жол қоймаў ушын ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди.

Н.Абдураимова,

Н.Ҳайдаров (сүўрет),

ӨзА