Санлы суд: Әдил судлаў имканиятлары ҳәм кепилликлери күшейтилмекте

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тиккелей басламасы ҳәм басшылығында кейинги жылларда суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған терең реформалар елимизде әдил судлаў системасын пүткиллей жаңа басқышқа алып шықты.
Бул реформалар нәтийжесинде судлар тек ғана жаза тайынлаўшы уйым емес, ал пуқаралардың ҳуқықларын қорғайтуғын ҳақыйқый әдиллик қорғаны сыпатында көзге тасланбақта.
Президентимиз тәрепинен белгиленген тийкарғы ўазыйпалар ҳәм беккем сиясий ерк-ықрар себепли суд жумысы барған сайын ашық, пуқаралар ушын қолайлы ҳәм ашық-айдын системаға айланып бармақта. Бүгин адамлар судты алдын қандай да бир қорқыныш пенен қабыл еткен болса, енди оған исеним менен, өз ҳуқықларын қорғаўдың исенимли дәреги сыпатында қарамақта.
2025-жыл 21-августта қабыл етилген “Судлардың жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў ҳәм суд системасының материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы 140-санлы Президент пәрманы суд-ҳуқық системасында жаңа дәўирди баслап берди. Бул пәрман тек ғана суд имаратларын жаңалаў емес, ал пүткил системаны санластырыў, жасалма интеллект имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў арқалы суд хызметин заман талапларына муўапық шөлкемлестириўди нәзерде тутады.
Елимизде соңғы жыллары “Әдил судлаў – әдиллик тийкары” деген принцип турмысқа жедел енгизилмекте. Жаңа пәрман судларға болған халықтың исенимин және де арттырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин нәтийжели қорғаў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған.
Енди жаңа пәрман менен судлардың инфраструктурасы ҳәм шараятлары түп-тийкарынан жаңаланады. Оған муўапық, мәмлекетимизде 2030-жылға шекем 162 жаңа суд имараты қурылып, 82 си реконструкцияланады ҳәм 93 имарат капитал оңланады. Суд заллары заманагөй техника ҳәм технологиялар менен үскенеленеди.
Бул арқалы қағазпазлық, гезеклер ҳәм артықша әўерегершиликлер азаяды, халықтың судқа болған исеними артады. Суд имаратлары пуқараларға хызмет көрсететуғын, қолайлы ҳәм ашық орынға айландырылады.
Сондай-ақ, 2025-2027-жылларға мөлшерленген суд тараўын санластырыў ҳәм әдил судлаў процесслерине заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў бағдарламасы ислеп шығылады. Демек, суд-ҳуқық системасында санластырыў процесслери жаңа басқышқа көтерилмекте. Усы пәрманға муўапық, төмендеги әҳмийетли санлы жаңалықлар енгизиледи:
Бириншиден, 2025-жыл 1-декабрьден баслап пуқаралар, адвокатлар, юристлер ҳәм судьялар ушын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди таллаў платформасы иске қосылады.
Бул платформа жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын болып, бар нызамшылық базасын таллаў, ҳәр қыйлы жумысларға тийисли ҳуқықый тийкарларды табыўда жәрдем береди.
Екиншиден, 2025-жылдың ақырына шекем суд ҳүжжетлерин автомат түрде таярлаў имканиятын беретуғын арнаўлы мәлимлеме бағдарламасы жаратылады.
Бул бағдарлама суд қарарлары, протоколлар ҳәм басқа да ҳүжжетлерди автомат түрде қәлиплестиреди, инсан қәтелерин азайтады ҳәм жумыс процесин тезлестиреди.
Үшиншиден, 2026-жыл 1-январьдан баслап “my.sud.uz” интерактив порталының жаңа модули пуқараларға ҳуқықый жәрдем көрсетиўди баслайды.
Бул портал арқалы, жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын виртуал мәсләҳәтши пуқаралардың ҳуқықый сораўларына жуўап берип, судқа байланыслы мағлыўматларды автомат түрде жеткерип береди ҳәм ҳуқықый мүрәжатларды қабыл етип, тийисли шөлкемлерге жибереди.
Енди судларда жасалма интеллект арқалы ҳүжжетлер талланып, уқсас суд қарарлары тийкарында усыныслар бериледи ҳәм суд ислерин дурыс бөлистириўде жәрдем береди.
Әҳмийетлиси, қарар қабыл етиў тек ғана судья тәрепинен әмелге асырылады. Жасалма интеллекттиң ўазыйпасы – жумыс процесин жеделлестириў ҳәм қалыслықты тәмийинлеў болып табылады.
Президент пәрманында белгилеп берилген “Санлы суд” концепциясы – бул пүткил суд процесин санластырыў, халыққа аралықтан ҳәм ашық-айдын хызмет көрсетиў имканиятын беретуғын инновациялық көзқарас болып есапланады. Бул концепция арқалы, суд процесслеринде инсан факторы азайып, қалыслық артады ҳәм ҳәм электрон суд ислерин жүргизиў системасы кеңейтиледи. Суд қарарлары ашық ҳәм онлайн жумыс тийкарында әмелге асырылады.
Пәрманда суд системасында мийнет етип атырған судьялар ҳәм суд хызметкерлери ушын да әҳмийетли жаңалықлар нәзерде тутылған болып, мийнет ҳақы ҳәм социаллық кепилликлер арттырылады, мийнет шараятлары жақсыланады, маманлық арттырыў ҳәм қайта таярлаў системасы жетилистириледи.
Бул болса, өз гезегинде, әдилликти тәмийинлеўши суд хызметкерлериниң жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўге хызмет етеди.
“Санлы суд,” жасалма интеллект, интерактив платформалар ҳәм қолайлы инфраструктура – булардың барлығы халық ушын ашық-айдын, исенимли суд системасын қәлиплестиреди.
Әдиллик қашан халыққа жақын болса – исеним де соншелли беккем болады. Енди пуқараларымыз судқа қорқып емес, ҳуқықый қорғаўды алыўға исеним менен мүрәжат етеди.
Азамат Шадибеков,
Судлар жумысын тәмийинлеў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги