Сенаторлар “Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында”ғы нызамды бийкарлады

132

Сенаттың жалпы мәжилисинде “Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Нызам халықтың социаллық қорғалыўын буннан былай да күшейтиў мақсетинде ислеп шығылғаны атап өтилди. Онда мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың әмел етиўи, қамсызландырыў ҳәдийсеси, қамсызландырылған шахс, қамсызландырыўшы, қамсызландырыўшының ҳуқық ҳәм миннетлемелери беккемленген.

Нызамда мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қаржыларының дәреклери, қамсызландырыў төлеми ставкасы, қамсызландырыў төлемлерин төлеўшилер, мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың финанслық турақлылығының мәмлекетлик кепилликлери, мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлерди тайынлаў ҳәм әмелге асырыў сыяқлы бир қатар мәселелер нәзерде тутылған.

Сенатор Ҳусан Эрматов бул нызамның айырым нормаларын қайта көрип шығыў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлерине муўапықластырыў зәрүрлигине итибар қаратты. Атап айтқанда, нызамда ўәкилликли уйымның ўәкилликлери ҳәм ўазыйпалары ашып берилмеген.

Нызамда оннан аслам силтеме нормалардың бар екенлигине итибар берилди. Бул болса нызамның тиккелей әмел етиўине унамсыз тәсир көрсетиўине алып келетуғыны атап өтилди. Нызам қабыл етилиўи нәтийжесинде әмелдеги нызамларға өзгерислер киргизиў мәселеси нызамда нәзерде тутылмаған.

Сенаторлар бул кемшиликлерди сапластырыў зәрүрлиги ҳаққында өз усынысларын билдирди. Додалаў нәтийжелери бойынша нызам сенаторлар тәрепинен бийкар етилди.

Н.Абдураимова, ӨзА