Президент Пәрманының әҳмийети түсиндирилди

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы Р.Бекмуратова тәрепинен район ҳәкимлигинде аймақтағы тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары, мәҳәлле баслықлары менен ушырасыў өткерилди.
Онда усы жылдың 21-август күни қабыл етилген «Судлардың жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў ҳәм суд системасының материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 140-санлы Президентимиз Пәрманы ҳәм оның әҳмийети ҳаққында сөз болды.
Атап өтилгениндей, бул Пәрман суд системасында ашық-айдынлық ҳәм заманагөй технологиялардан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеўге хызмет етеди. Соның ишинде, суд жумысына жасалма интеллектти енгизиў арқалы ис жүргизиўде оперативлик ҳәм қалыслыққа ерисиў, пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин нәтийжели қорғаў имканиятларының кеңейип атырғаны айрықша атап өтилди.
Ушырасыў даўамында суд ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў, атап айтқанда, айрықша уйғарыўлардың толық ҳәм өз ўақтында көрип шығылыўы бойынша жуўапкер шөлкемлер ҳәм мәҳәлле басшыларына анық ўазыйпалар жүкленди.
Илажда Суд баслығы Р.Бекмуратова суд қарарларының орынланыўын тәмийинлеўде ҳәр бир басшы ҳәм пуқаралардың ҳуқықый санасы ҳәм жуўапкершилиги әҳмийетли орын ийелейтуғынын, сол арқалы жынаятшылықты сапластырыўда системалы мүнәсибет қәлиплесетуғынын атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында, суд ҳәм жергиликли уйымлар арасында бирге ислесиўди және де беккемлеў, жәмийетшиликтиң қатнасыўында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша анық илажлар белгиленди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы