Шеклеў мүддети создырылды

Қазақстан Республикасы Қаржы министрлиги Мәмлекетлик дәраматлар комитетиниң хабарына бола, “Тәжен” шегара өткериў пункти (“Даўыт ата” шегара бажыхана постына тутас) арқалы физикалық тәреплер, жеңил автомобильлер, автобуслар ҳәм руқсат етилген максимал салмағы 3,5 тоннадан артық болмаған жүк автомобильлери ҳәрекетине шеклеўлер усы жылдың 1-февралынан 2025-жылдың 31-декабрине шекем созылды.
Шеклеў мүддетиниң созылыўы Қазақстан Республикасы тәрепинен физикалық тәреплер ҳәм транспорт қуралларының қәўипсизлигин тәмийинлеў, усы өткериў пунктлеринде қурылыс жумысларының екинши басқышы әмелге асырылыўы мүнәсибети менен қурылыс ҳәм реконструкция жумысларын жеделлестириў, атап айтқанда, ҳәкимшилик имаратларды капитал оңлаў, жол қапламаларын бетонлаў мақсетинде енгизилмекте.
“Тәжен” (Қазақстан) – “Даўыт ата” (Өзбекстан) шегара өткериў пункти арқалы руқсат етилген максимал салмағы 3,5 тоннадан артық болған жүк автомобильлери ҳәрекетлениўи мүмкин. Сондай-ақ, физикалық тәреплер ушын “Қарақалпақстан” темир жол өткериў пункти арқалы “Нөкис-Бейнеў” жөнелисинде қосымша жолаўшы поездларының қатнаўы жолға қойылды.
ӨзА