«Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде интеллектуаллық ҳәм спорт жарыслары өткерилди

133

Нөкис қаласында өткерилип атырған «Бес баслама олимпиадасы» жаслар фестивалы шеңберинде Республикалық «Жаслар орайы»нда «Мунозара» интеллектуаллық ойыны болып өтти. Онда жаслар билим, логикалық пикирлеў ҳәм пикирлесиў мәдениятын көрсетти.


Сондай-ақ, «Дослық» амфитеатры әтирапында шахмат ҳәм шашка жарыслары да шөлкемлестирилди. Бул беллесиўлер жаслар арасында интеллектуаллық потенциалды арттырыў, спорт мәдениятын кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге хызмет етти.


Буннан тысқары, жаслар И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхат етип, миллий ҳәм дүнья көркем өнериниң дүрданалары менен жақыннан танысты.


Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери күн жуўмағында өткерилетуғын гала-концертте салтанатлы түрде сыйлықланыўы белгиленген.

Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы
Автордың түсирген сүўретлери