Ташкентте “apk” вируслары арқалы пуқаралардың пулларын урлаған жынайый топар қолға алынды

Ишки ислер министрлиги Киберқәўипсизлик орайының хабарына бола, Ташкентте пуқаралардың жеке мағлыўматлары ҳәм қаржыларын нызамсыз жол менен қолға киргизип алған жынайый топардың жумысы ашылды.
“Қәўипсиз кибер мәкан” оператив-профилактикалық илажлар шеңберинде өткерилген арнаўлы рейд ўақтында анықланыўынша, топар ағзалары Андроид қурылмалары ушын “apk” вируслы программалар ислеп шығып, оларды пуқараларға жиберген. Бул зыянлы программалар арқалы олар SMS хабарлар, қоңыраўлар ҳәм байланыс мағлыўматларын қолға киргизип, нызамсыз дәрамат арттырып келген.

Тергеў-сорастырыў даўамында вируслы программалар Telegram топарларына жалғанған болып, онда 11 түрли мәмлекет пуқаралары қатнасқаны мәлим болды. Олар пуқаралардың жеке мағлыўматларын урлаў менен шуғылланып келген. Өткерилген оператив илажлар нәтийжесинде топардың 5 ағзасы қолға алынды.
Сондай-ақ, олардың жасаў мәнзиллери ҳәм телефон қурылмалары көзден өткерилгенде, 133 пуқарадан дерлик 3 миллиард сум қаржы урланғаны анықланған. Урланған пул қаржылары топар ағзалары арасында бөлистирилип келген.
Ҳәзирги ўақытта гүманланыўшыларға Жынаят кодексиниң тийисли статьялары тийкарында жынаят иси қозғатылып, олар процессуал тәртипте усланған.
Тергеў уйымлары жынайый топарға байланыслы басқа да шахсларды анықлаў мақсетинде республика бойлап оператив-излеў илажларын даўам еттирмекте.
Ҳамроз Баянов,
ӨзА