Өзбекстан 7 айда 80,5 миллион долларлық шабдал экспорт еткен

Шабдал мәмлекетимизде ең көп жетистирилетуғын мийўелерден бири болып есапланады. Бул мийўе С ҳәм А витаминлерине бай болып, ол көриў ҳәм иммунитет ушын жүдә әҳмийетли. Қалаберди, кремний, калий, фосфор, темир сыяқлы микро ҳәм макро элементлер бар. Шабдалдың энергиялық қунлылығы тийкарынан углеводлардан ибарат.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың биринши жети айында Өзбекстан шабдал экспорты бойынша табыслы нәтийжелерге еристи. 87,9 мың тонна өним экспорт етилиўи ҳәм буның есабынан 80,5 миллион АҚШ доллары дәрамат алыныўы мәмлекетимиз мийўе экспортындағы турақлы өсиў ҳәм бәсекиге шыдамлылықты көрсетеди. Шабдал тек ғана ишки базарымызда емес, ал халықаралық майданда да үлкен талапқа ийе болған мийўелерден бири болып есапланады.
Өзбекстан 2025-жылдың январь-июль айларында ең көп шабдал экспорт еткен мәмлекетлер дизиминде Россия биринши орында тур.
Россия ең ири импортёр мәмлекет сыпатында 69,9 мың тонна шабдал қабыллады. Бул улыўма экспорт көлеминиң үлкен бөлегин қурайды. Қазақстан 13,1 мың тонна шабдал импорты менен екинши орында турады.
Қазақстан базарының Өзбекстан шабдалы ушын әҳмийетли екенлиги мәмлекетлер арасындағы экономикалық саўда байланысларын және де раўажландырыў имканиятын береди. Соның менен бирге, Қырғыз Республикасы 4 мың тонна шабдал сатып алып, регионаллық экспорт базарындағы өз орнын беккемледи.
Сондай-ақ, Беларусьқа 615 тонна ҳәм басқа мәмлекетлерге 259 тонна шабдал экспорт етилген.
Жуўмақлап айтқанда, 2025-жылдың жети айында шабдал экспортының көрсеткишлери Өзбекстан мийўе экспортындағы табыслы ҳәм перспективалы өсиўди көрсетеди.
Регионаллық бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм базарларды кеңейтиў арқалы мәмлекетимиз экспорт потенциалын және де арттырыў имканиятына ийе болады.
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзАның хабаршысы