Дүньяның жетекши шахматшылары Самарқандта

152

Самарқанд Халықаралық шахмат федерациясы (FIDE)ниң абырайлы илажларын өткермекте. 3-16 сентябрь күнлери бул жерде “Grand Swiss 2025” халықаралық жарысы өткериледи.

“Grand Swiss” FIDE тәрепинен шөлкемлестирилген ең абырайлы жарыслардан бири болып, 2019-жылдан берли ҳәр еки жылда өткерип келинбекте. Дәслепки жарыс 2019-жылы Уллы Британияның Мэн атаўы Сантон қаласында, 2021-жылы Латвия пайтахты Рига қаласында ҳәм 2023-жылы және Уллы Британияның Мэн атаўы Дуглас қаласында өткерилген.

Жарыс швейцарлық система бойынша 11 турдан ибарат болады. Онда дүнья шахмат рейтингинде жоқары орынларды ийелеген күшли шахматшылар қатнасады. Атап айтқанда, Дугластағы турнирде 37 мәмлекеттен 114 ер адам, 50 ҳаял шахматшы қатнасты.

Төртинши турнирге Өзбекстанның Самарқанд қаласы таңланған болып, онда 39 мәмлекеттен 172 дүньяның ең күшли ҳәм белгили шахматшылары қатнасады. Жарыстың улыўма сыйлық қоры 855 мың АҚШ долларын қурайды.

Халықаралық шахмат федерациясы (FIDE), Өзбекстан Республикасы Спорт министрлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Өзбекстан шахмат федерациясы менен биргеликте шөлкемлестирилген жарыс алдынан шөлкемлестириўшилер ҳәм белгили шахматшылардың қатнасыўында баспасөз әнжуманы өткерилди.











Әнжуманға Халықаралық шахмат федерациясы (FIDE) президенти Аркадий Дворкович, Өзбекстан Республикасы спорт министри А.Икромов, Өзбекстан шахмат федерациясы баслығының биринши орынбасары, Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги директоры А.Саъдуллаев, классикалық шахмат бойынша әмелдеги жәҳән чемпионы, гроссмейстер Гукеш Домаражжу ҳәм жаслар арасында еки мәрте жәҳән чемпионы, халықаралық спорт устасы, ўатанласымыз Афруза Ҳамдамова қатнасып, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң сораўларына жуўап берди.

– Бул жарыс ушын Самарқанд қаласының таңланғаны бийкарға емес, – деди Халықаралық шахмат федерациясы (FIDE) президенти Аркадий Дворкович бул ретки турнирдиң басшылығы ҳаққындағы сораўға жуўап берип. – Себеби 46-Пүткил жержүзилик шахмат олимпиадасы 2026-жылы сентябрь айында әне, усы тарийхый орын – Самарқандта өткерилиўи режелестирилген.

«Grand Swiss 2025” болса олимпиадаға өзине тән таярлық ўазыйпасын да атқарады. Процессте биз келеси жылы қайсы тәреплерге итибар бериўимиз кереклигин белгилеп аламыз. Жарысты жоқары дәрежеде өткериў ушын Самарқандта жоқары дәрежеде таярлық көрилгениниң гүўасы болып турмыз. Буның ушын Өзбекстан Президенти ҳәм ҳүкиметине миннетдаршылық билдиремиз. Әйне Өзбекстан тәрепи ҳаял-қызлар беллесиўлери ушын турнир сыйлық қорын және де арттырып бергени ушын айрықша рахмет айтамыз. Буның нәтийжесинде биз жарысқа дүнья рейтингинде жоқары орынларда турған, күшли шахматшыларды тартыўға еристик. Бул “Grand Swiss”тиң дәрежесин және де арттырады.

Улыўма, бул турнир жәҳән рейтингинде жоқары орынларға талабан шахматшылар ушын өз имканиятларын көрсетиў ҳәм орынларын жақсылап алыў ушын қолайлы пурсат есапланады.

2026-жылғы дүнья чемпионатына талабанларды сайлап алыў ўазыйпасын атқаратуғын, 11 турдан ибарат “Grand Swiss”  Самарқанд беллесиўлеринде FIDE рейтингинде дизимге алынған 116 ер адам ҳәм 56 ҳаял шахматшы беллеседи. Жарыс режесине бола, ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасындағы турнирлерде ең жақсы еки орынды ийелегенлер жәҳән чемпионы атағы ушын талабанларды анықлайтуғын 2026-жылғы талабанлар турнири жолламасының ийеси болады.

– Дүнья шахмат жулдызларын тарийхый ҳәм бәрқулла нәўқыран Самарқанд қаласында көргенимнен қуўанышлыман, – деди жаслар арасында еки мәрте жәҳән чемпионы Афруза Ҳамдамова. – Әдетте мен жаслар арасында өткерилетуғын жарысларға қатнасаман. Бул рет болса үлкенлер арасындағы усы турнирде қатнасыў имканияты туўылғанынан қуўанышлыман. Ана жеримизде дүнья рейтингиндеги шахматшылар менен 11 раунд мүнәсип гүрес алып барып, жақсы нәтийжелер көрсетиўге ҳәрекет етемен.

Ғолиб ҲАСАНОВ,  

ӨзАның хабаршысы