Өзбекстанның жаңа сыртқы сиясаты: турақлылық ҳәм раўажланыў жолындағы прагматикалық дипломатия

149

Мүнәсибет

Сыртқы сиясат бабында алып барылып атырған жедел реформалар ҳаққында сөз болғанда, соңғы сегиз жыл ишинде Өзбекстан көп тәреплеме сыртқы сиясатта бираз илгерилеп кетти. Бул бағдарда регионда өзине тән сиясий абырайға, анық мәп ҳәм тийкарғы ўазыйпалары болған өзбек дипломатиясына ийе екенин көрсете алды.

Атап айтқанда, ол салыстырмалы жабықлықтан жедел регионаллық бирге ислесиўге, прагматикалық көп тәреплеме дипломатияға, сондай-ақ, дүнья менен конструктивлик бирге ислесиўге өтти. Бул, өз гезегинде, Өзбекстанды перифериядағы қатнасыўшыдан Орайлық Азия интеграциясы ҳәм глобал дипломатияның белсенди қатнасыўшысына айландырды ҳәм мәмлекеттиң келешегине болған исенимди және де беккемледи.

2017-жылдан баслап Ташкент қоңсы мәмлекетлер менен өз-ара исеним ҳәм пайдалы қатнасықларды қурыўды тийкарғы ўазыйпа деп билгенин атап өтиў керек. Нәтийжеде мисли көрилмеген регионаллық сөйлесиўлерге ерисилди. Бул ҳәрекетлер тек ғана қатнасықларды сапа жағынан жоқары басқышқа алып шығып қоймастан, ал шегара мәселелери, суў ресурсларын басқарыў ҳәм транспорт коридорларынан пайдаланыў сыяқлы узақ жыллық әҳмийетли машқалаларды шешиўге де жәрдем берди. Нәтийжеде регионаллық саўда 2016-жылға салыстырғанда дерлик үш есеге өсип, 2024-жылға келип 7 миллиард долларды қурады. Бул болса, өз гезегинде, регионда экономикалық абаданлық ҳәм турақлылықты тәмийинледи.

Бул процесслерди институционалластырыў мақсетинде Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәт ушырасыўларын шөлкемлестириў басламасы алға қойылды. Бүгинги күнге келип, бул саммитлер регионаллық турақлылық ҳәм интеграцияның әҳмийетли платформасына айланды. Олар регионның дипломатиялық көринисинде беккем орын ийелеп, исеним, өз-ара кеңпейиллик ҳәм келешек ушын улыўмалық стратегияға тийкарланған «Орайлық Азия руўхы»ның қәлиплесиўине өз үлесин қоспақта.

Соның менен бирге, Орайлық Азияның глобал майдандағы роли де кеңейип бармақта. Бул, соның ишинде, “С5+1” форматы арқалы да көзге тасланды. Бул форматта Европа Аўқамы, АҚШ, Қытай, Россия, Буғаз мәмлекетлери, сондай-ақ, соңғы ўақытлары Италия сыяқлы бирге ислесиўшилер қатнаспақта. Саммитлер региондағы мәмлекетлерге жетекши күшлер менен қатнасықларда тең салмақлылықты сақлаў ҳәм стратегиялық автономияны қорғаў имканиятын бермекте.

Өзбекстанның жаңа дипломатиясы соны көрсетпекте, қарым-қатнас, инклюзивлик ҳәм прагматикалық бирге ислесиўди тийкарғы бағдар етип белгилеў арқалы Орайлық Азия өзиниң ишки тилеклеслигинбирлигин де, глобаллық әҳмийетин де беккемлей алады.

Шығыс ҳәм Батыс арасындағы тең салмақлылық: стратегиялық ашықлыққа қарай

Орайлық Азия өзиниң тарийхый трансконтинентлик көпир сыпатындағы ролин қайта тиклеп, Өзбекстан геосиясий бийтәрепликти кең көлемли реформалар ҳәм жедел дипломатия менен үйлестирген ҳалда, регионның шешиўши қатнасыўшысы сыпатында ортаға шықты. Мәмлекеттиң көп векторлы сыртқы сиясаты миллий мәплер ҳәм миллий қәдир-қымбатты қорғаў мақсетинде тең салмақлылықты тәмийинлеў, суверен қарарлар қабыл етиў ҳәм диверсификацияланған бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған.

Өзбекстан географиялық жайласыўы, тарийхы ҳәм экономикалық салмағы себепли Қытай ҳәм Россияның тийкарғы шериклеринен бири болып қалмақта. Жақында Қытай Россияны артта қалдырып, Өзбекстанның ең ири саўда шеригине айланды. Бирақ Ташкент ҳеш бир бирге ислесиўшиге толық үстинлик бермейди. Мәмлекет “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген тийкарғы бағдарға муўапық, Шығыс ҳәм Батыс пенен де тең салмақлы қатнасықларды қәлиплестирмекте.

Себеби, бул қатнас өз гезегинде Европа ҳәм Батыс пенен қатнасықларды беккемледи, соның менен бирге, Жақын Шығыс ҳәм Азия-Тыныш океаны регионы менен бирге ислесиўди кеңейтти. Сондай-ақ, Европа Аўқамы менен сөйлесиў жоқары дәрежеде жеделлести, десек қәте болмайды. Соның ишинде, Европа мәмлекетлери жетекшилериниң Ташкент қаласына әмелге асырған сапарлары, Самарқандтағы биринши “Орайлық Азия – ЕА” саммити, Германия, Франция, Италия, Венгрия ҳәм басқа да мәмлекетлер менен стратегиялық шерикликтиң кеңейиўи буған айқын мысал бола алады.

Өз гезегинде, жақын арада Европа Аўқамы менен Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисим (EPCA) ратификацияланыўы күтилип атырғанын атап өтиў керек. Ол саўда, мәмлекетлик басқарыў, климат сиясаты, билимлендириў ҳәм инновация тараўларында жаңа имканиятлар есигин ашып береди.

Европадан тысқары, Өзбекстанның ашықлығы “жасыл энергетика”, санлы экономика ҳәм турақлы раўажланыў тараўларында да кеңейип бармақта. Сырт ел инвестицияларына тек ғана капиталдың кирип келиўи емес, ал билим ҳәм технологиялар трансфери және институционаллық потенциалды күшейтиў дәреги сыпатында қаралмақта. Бул болса реформаларды жеделлестириў ҳәм мәмлекетлик хызметлердиң нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етпекте.

Әмелий жақтан, бул стратегия Өзбекстанның Шығыс ҳәм Батыс пенен исенимли бирге ислесиўин беккемлейди. Бул болса тең салмақлы дипломатия миллий раўажланыўды жеделлестириў ҳәм глобал турақсыз шараятта турақлылықты күшейтиўин көрсетпекте.

Көп тәреплеме платформалардағы жедел дипломатия

Өзбекстан халықаралық майдандағы өзиниң қатнасыўын БМШ, ЕҚБШ, ҒМДА, ШБШ, ТМШ, ИБШ ҳәм Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми сыяқлы көп тәреплеме шөлкемлерде, сондай-ақ, Жәҳән банки, ЕТРБ, АДБ ҳәм АБИИ сыяқлы жетекши қаржы институтларында белсене қатнасыў арқалы кеңейтти. Бул кең көлемли бирге ислесиў интеграциясының избе-из стратегиясын билдиреди ҳәм көп тәреплемеликти миллий раўажланыў ҳәм глобал бирге ислесиў ушын қурал сыпатында қолланыўға хызмет етеди.

2017-жылдан берли Өзбекстан өз басламалары менен халықаралық көлемде тән алынып келмекте. Соның ишинде, БМШ Бас Ассамблеясы Ташкент тәрепинен алға қойылған онлаған резолюцияларды қабыл етти. Сондай-ақ, мәмлекет Самарқанд ҳәм Ташкентте ири саммитлерге басшылық етип, бир қатар регионаллық шөлкемлерде де жетекшилик ролин қолға киргизди. Тек ғана 2022-жылдың өзинде Өзбекстан ШБШ, ТМШ ҳәм ИБШға басшылық етти. Бул болса, оның регионаллық муўапықластырыўшы сыпатындағы орнын және де беккемледи.

Өзбекстан көплеген глобал илажларға да басшылық етип атырғанын атап өтиў керек. 2025-жылы Самарқанд биринши мәрте БМШ Мәмлекетлик хызмети форумына басшылық етти. Усы жылдың ақырында болса Ташкентте ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы болып өтеди. Бул әнжуман 1985-жылдан берли биринши мәрте Парижден тысқарыда өткериледи.

Ҳәммемизге белгили, көп тәреплеме басламалар мәмлекеттиң экономикалық дипломатиясы менен де тығыз байланыслы. Оның тийкарғы бағдарлары саўда ҳәм инвестицияны раўажландырыў, Өзбекстан өнимлери ҳәм хызметлериниң ири базарларға кириў имканиятларын тәмийинлеўден ибарат. Тийкарғы мақсет болса – Жәҳән саўда шөлкемине (ЖСШ) ағза болыў. 2020-жылы сөйлесиўлер қайта тикленгенинен берли Өзбекстан Женевадағы жумысшы топар мәжилислеринде белсене қатнасып келмекте ҳәм келеси жылы Камерунда болып өтетуғын ЖСШның 14-министрлер конференциясында ағзалықты рәсмийлестириўди режелестирмекте.

Улыўма алғанда, Өзбекстанның структуралардағы көп тәреплеме жедел қатнасыўы мәмлекеттиң ишки реформаларын алға қойыў, халықаралық қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиўге үлес қосыў менен бирге, оның регионаллық орай ҳәм исенимли глобал шерик сыпатындағы орны беккемленип атырғанын көрсетпекте.

Жуўмақ

Кейинги он жыл ишинде Өзбекстанның сыртқы сиясаттағы трансформациясы – ашық-айдынлық, турақлылық ҳәм прагматизм дүнья турақсызлығы шараятында дипломатияның нәтийжели қуралларынан бири екенлигин айқын көрсетти. Регионаллық бирге ислесиўди тереңлестириў, Шығыс ҳәм Батыс пенен теңдей тийкарда қатнасықларды раўажландырыў және көп тәреплеме платформаларда белсене ҳәм нәтийжели қатнасыў арқалы Ташкент өзин исенимли регионаллық шерик ҳәм конструктивлик глобаллық қатнасыўшы сыпатында көрсетти.

Өзбекстан көпирлер қурыў, Орайлық Азияны глобал басқарыў тармақларына байланыстырыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўден ишки модернизация ушын қурал сыпатында пайдаланыў жолын таңлады. Қарым-қатнас, араласпаў ҳәм диверсификацияланған бирге ислесиўге тийкарланған көп векторлы сиясат мәмлекетлер ушын суверенитетти беккемлеў, раўажланыўды жеделлестириў ҳәм глобаллық турақсызлық шараятында да регионаллық турақлылыққа үлес қосыў имканиятын көрсетпекте.

Элдор ТУЛЯКОВ,

“Тараққиёт стратегияси” орайының

атқарыўшы директоры

ӨзА