Маркетинг мазмуннан үcтин бе?

150

Соңғы ўақытлары социаллық тармақларда тез-тез ушырасып атырған Лабубу атлы персонаж балалар, әсиресе жаслар арасында ғалаба ен жаймақта. Сыртқы көринисинде “жағымлы” элементлер араласқан болса да, тереңирек таллаў бул образ артында қәўетерли тәреплерди ашып береди. Тийкарында Лабубу тек ғана тренд емес, ол жаслар санасына тәсир етиўши массалық мәдениятты сәўлелендириўши өним есапланады.

Лабубу ойыншығы биринши мәрте 2015-жылы Қытайда ислеп шығарылған. 2019-жылы Поп Март пенен бирге ислесиў нәтийжесинде кең жәмийетшиликке белгили болды. Бул бирге ислесиў Лабубудың коллекционерлери арасында ғалаба ен жайыўына себеп болды.

2025-жылға келип, Лабубу бренди астында 300 ден артық түрдеги ойыншықлар ислеп шығарылды. Олар өлшеми ҳәм баҳалары бойынша парықланып, 3 дюймлы фигура 15 доллардан, 31 дюймлы “мега” қуўыршақ болса 960 долларға шекем баҳаланады.

Лабубу образының визуал анализине келетуғын болсақ, ойыншық бир қарағанда жағымлы, бирақ бираз қорқынышлы көринисти сәўлелендирген. Оның шошайған көзлери, кишкене денеси, ашық тисли күлкиси ҳәм үрпейген жүнлери оны дәстүрий емес образға айландырған. Бул болса ғалабалық мәдениятта “антиқаҳарманлар” модасына сәйкес келеди.

Соңғы жыллары социаллық тармақларда “beautiful darkness” яғный “сулыў жаманлық” түсиниги күшейип бармақта. Лабубу мине, усындай трендлердиң жемиси. Бирақ бул эстетика, әсиресе жаслар ҳәм балалардың санасында гөззаллық нормаларының өзгериўине себеп болмақта.

Лабубу образының бундай дәрежеде ғалаба ен жайыўына себеп күшли маркетинг стратегиясы. ТикТок ҳәм инстаграмда # labubu менен байланыслы миллионлаған видеолар, дослық ҳәзиллери ҳәм ҳәттеки макияж трендлери арқалы бул образ көпшиликке сиңип бармақта. Бул болса оны тек ғана ойыншық емес, ал әдеттегидей емес феноменге айландырмақта. Бул феноменниң артынан балалар психологиясы ҳәм ата-ана жуўапкершилигине бийпәрўа қатнаста болып атырғанын да көриў мүмкин.

Психологлардың атап өтиўинше, 3-10 жас аралығындағы балалар көрген ҳәм ойнаған образларынан тәсирленеди. Оларды идеал сыпатында қабыл етеди. Лабубу сыяқлы әдеттен тысқары, бираз агрессив ҳәм көриниси қараңғы персонажлар балаларда қәўетерлениў сезимин күшейтиўи, пассив-агрессив ис-ҳәрекетлерге бейимлик сезимин келтирип шығарыўы мүмкин. Сондай-ақ, Лабубу арқалы жаслар санасында “Қорқынышлы, бирақ белгили” образларға бейимлилик күшейеди. Бул болса жәмийетлик санада зорлық, жаўызлық, агрессия сыяқлы түсиниклерди нормал көринисте қабыл етиўине себеп болады.

Өзбек миллий қәдириятларында образлар, ертеклер ҳәм дидактикалық ойынлар балаларда унамлы пазыйлетлерди қәлиплестириўге хызмет еткен. Алпамыс, Баршынай, Зумрад сыяқлы образлар арқалы балалар мәртлик, ийман, мийнет ҳәм жақсы минез-қулық сыяқлы түсиниклерди үйренген. Лабубу образының ғалаба ен жайыўы болса бул қәдириятлар менен қарама-қарсылыққа кириседи. Онда руўхый күш, жақсылық ямаса өрнек болатуғын минез-қулық жоқ. Керисинше, оның белгилилиги арқалы балалардың санасында “Ерси болыў – бул белгили болыўдың  гилти” деген надурыс жуўмақ болыўы мүмкин.

Лабубу сыяқлы образлар заманагөй мәдениятта өз орнын тапқан болыўы мүмкин. Бирақ оларды ҳәр бир контекстте, әсиресе, балалар ҳәм жас өспиримлер дүньясында сын көзқарастан талқылаў зәрүр. Бул образдың олардың дүнья қарасы ҳәм жәмийет көзқарасларына унамсыз тәсирин есапқа алған ҳалда, оған саналы қатнас жасаў зәрүр. Трендлер келеди ҳәм кетеди, бирақ руўхыйлықта қалдырған из мәңги болыўы мүмкин.

Дилдора ДЎСМАТОВА  ӨзА