Еки футболшымыз сайланды команда қурамында ойнамақта

Кеше Бишкек қаласында Равшан Хайдаров басшылығындағы футбол бойынша 23 жасқа шекемги Өзбекстан сайланды командасы Азия чемпионатының таңлап алыў басқышында Шри-Ланка сайланды командасы менен 1-тур ойынын өткерди.
Мәмлекетимиз сайланды командасының толық басымы астында өткен ойында командамыз ағзалары 4:0 есабында жеңиске еристи.
Атап айтқанда, ушырасыўдың 38-минутында Умарали Рахмоналиев есапты ашқан болса, еки минуттан соң «Сурхан» клубы футболшысы Рустам Турдимуродов есапты 2:0 ге жеткерди.
Ал, ойынның 52-минутында Турдимуродов және бир мәрте Шри-Ланка дәрўазасын анық нышанға алған болса, 70-минутта Сардорбек Бахрамов ушырасыўдағы ең соңғы гол авторына айланды.

Итибарлы тәрепи сонда, бул турнирде жеңимпаз командамыз қурамында бүгинги күни «Олимпик-Мобиуз» командасында ойнап атырған қарақалпақстанлы жас футболшылардан Муҳаммедали Реймов ҳәм Самандар Муратбаевлар да бар.
Енди сайланды командамыз 6-сентябрь күни турнирдиң 2-турында майдан ийелери есапланған Қырғыз Республикасы жаслары менен өз-ара күш сынасады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы