Биринши курслардың биринши қәдеми

148

 Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң тийисли буйрығы тийкарында 2025-2026-оқыў жылында жоқары оқыў орынларына қабыл етилген 1-курс студентлери ушын оқыў процесслери 3-сентябрьден басланыўы белгиленген болып, усы тийкарда бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де студент болыў бахтына  миясар болған биринши курс студентлери ушын оқыў процеси басланды.

Таң сәҳәрден уллы дәргайға асығып киятырған жаслардың жүзиндеги қуўаныш, көзлериндеги жарқын арзыўлар, билим алыўға болған умтылыслары елимиздиң келешегине болған исенимди және де беккемлейди. Себеби бүгинги бахытлы жаслар – ертеңги күнниң жетик қәнигелери, жәмийет раўажланыўының бас факторы болып есапланады.

Оқыў орнының  кең ҳәм ықшам аудиториялары, заманагөй лабораториялары, бай китапханасы жаслардың илимге болған қызығыўшылығын және де арттырады. Олар бул жерде тек ғана билим емес, ал турмыслық тәжирийбе, дослық ҳәм аўызбиршиликти де өзлестиреди.

-Университеттиң юридика факультетине грант тийкарында оқыўға қабылландым, Бүгин жоқары оқыў орнына биринши мәрте қәдем таслап атырман.  Әжайып орталық, жаңа дослар дийдары адамды өзине тартып турады. Оқыў орнындағы жаслардың билим алыўы ушын жаратылған имканиятларды көрип кеўлим қуўанышқа толмақта. Усы имканиятлардан орынлы пайдаланып, устазлардан билим алып, келешекте елимизге хызмет етип, мүнәсип перзент болыўға ҳәрекет етемен,-дейди Адилбек Рысназаров.

Усы жерде Президентимиз тәрепинен жаслар ушын жаратылып атырған шараятлар менен имканиятларды айрықша атап өтиў керек. Ҳәр бир тараўда оларға кеңнен жол ашып берилип атырғаны, студентлердиң өз потенциалын жүзеге шығарыўы ушын барлық зәрүр инфраструктура жаратылғаны – жасларымызды бахытлы етип атырған факторлардан болып есапланады. Әлбетте, бул бүгин оқыў орнына үлкен арзыў үмитлер менен қәдем таслап атырған ҳәр бир жастың қәлбинде мақтаныш сезимлерин оятып, бундай имканиятлардан орынлы пайдаланып, елимиздиң мүнәсип перзентлери болып жетисип шығады, деп ойлаймыз.

Оқыў орнындағы  факультетлерде «Студентликке бағышлаў» илажлары өткерилип, онда  студентлерди университеттиң жумысы менен таныстырыў, кредит-модул системасының мазмун-мәниси ҳәм абзаллықларын түсиндириў және таңлаў пәнлерин мақсетли таңлаў, студентлерде еркин билим алыў көнликпелерин қәлиплестириў, академиялық әдиллик принциплери және кәсиплик ҳәм жеке раўажланыў мәселелери бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги