Ашық-айдынлық ҳәм бирге ислесиў: пуқаралық жәмийети ушын жаңа ҳуқықый кепилликлер

135

Өзбекстанда пуқаралық жәмийетин раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланған. Бул бағдардағы реформалар системалы ҳәм басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта. Кейинги жыллары бул тараўда бир қатар әҳмийетли ҳуқықый ҳәм институционаллық реформалар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Конституциясына киргизилген тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар нәтийжесинде пуқаралық жәмийети институтлары айрықша конституциялық статусқа ийе болды. Бул тарийхый қәдем мәмлекетте демократиялық институтлардың ҳуқықый тийкарын және де беккемледи. Соның менен бирге, “Өзбекстан-2030” стратегиясында да мәмлекетлик басқарыўды халық мәплери жолында жетилистириў ҳәм жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжелилигин арттырыў айрықша бағдар сыпатында белгиленди.

2024-жыл 26-август күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы мәмлекетте демократиялық институтларды беккемлеў ҳәм социаллық шерикликти кеңейтиўде әҳмийетли бағдарламалық ҳүжжет болды. Усы пәрман тийкарында мәмлекет тәрепинен пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаўдың демократиялық, институционаллық системасы және де жетилистирилди, грантлар ҳәм социаллық буйыртпаларды бөлистириўде ашық-айдынлық ҳәм саламат бәсеки принциплери енгизилди.

Бундай илажлар жәмийетте социаллық әҳмийетке ийе бағдарламаларды нәтийжели әмелге асырыўға тийкар жаратып, пуқаралық жәмийети институтларының мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў процесслериндеги орны ҳәм тәсирин сезилерли дәрежеде арттырды.

2025-жыл 21-август күни тастыйықланған “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы 1083-санлы Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген жаңа нормалар – бул процесстиң логикалық даўамы болды. Енди мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысына нызамға қайшы түрде араласқанлық, жәмийетлик қадағалаў нәтийжелерин көрип шықпаў ямаса қәўендерлик ҳаққындағы нызамшылық талапларын бузыў жағдайлары ушын анық жуўапкершилик белгиленди.

Бундай реформалар тек ғана мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқықый қорғалыўын күшейтип қоймастан, ал мәмлекетлик уйымлардың жумысында ашық-айдынлық ҳәм есап бериўди тәмийинлейди. Ең тийкарғысы, олар мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы исеним ҳәм бирге ислесиўди беккемлеп, Жаңа Өзбекстанда демократиялық реформалардың жаңа басқышын белгилеп бермекте.

Усы мүнәсибет пенен, МКШ жумысына нызамға қайшы түрде араласыў жағдайлары ушын айрықша жуўапкершилик белгиленгени де әҳмийетли өзгерислерден бири болды. Бул норманың енгизилиўи арқалы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң еркин жумысы кепилленеди, олардың жумысына тийкарсыз араласыўлардың алды алынады және пуқаралық жәмийети институтлары өз ўазыйпаларын және де еркин ҳәм нәтийжели әмелге асырыўы ушын хызмет етеди.

Жаңа өзгерислер бәринен бурын мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери ҳәм уйымлардың жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған. Енди мүрәжатлардан тийкарсыз бас тартыў, оларды көрип шықпаў ямаса жуўап бериўди кешиктириў жағдайлары ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик күшейтилди. Бул болса пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын және де беккемлейди.

Сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаў нәтийжелери бойынша таярланған жуўмақлаўшы ҳүжжетлерди көрип шықпаў жағдайлары ушын да жаза белгиленди. Бул өзгерис мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысында ашық-айдынлықты ҳәм есап бериўди күшейтиў, олардың пуқаралар алдындағы жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди.

Жуўмақ сыпатында айтыў мүмкин, тийкарында бул реформалар халықтың даўысы, оның талап ҳәм усыныслары мәмлекетлик басқарыўда итибардан шетте қалмаўын тәмийинлейди. Қайырқомлық ҳәм қәўендерлик жумысларынан баслап, жәмийетлик қадағалаў ҳәм МКШлардың жумысына шекемги тараўларда ҳуқықый кепилликлердиң жаратылыўы – Жаңа Өзбекстанда демократияның жаңа басқышына тасланған исенимли қәдем болып есапланады. Мәмлекетлик пуқаралық хызметкери енди тек ғана нызамға емес, ал жәмийетшиликтиң исенимине де жуўапкер есапланады.

ӨзА