Мәденият ҳәм ағартыўшылық – раўажланыўдың тийкары, тынышлық ушын исенимли қорған

152

Мүнәсибет

Тяньцзинь қаласында болып өткен Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңеси ҳәм “ШБШ плюс” саммитинде оғада көп мәселелерге итибар қаратылды. Қәўипсизлик, экономикалық бирге ислесиў ҳәм транспорт коридорлары дыққат орайында болды.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң шығып сөйлеген сөзлеринде және бир әҳмийетли тәреп – мәденият ҳәм ағартыўшылыққа қаратылған басламалар да айрықша орын ийеледи.

Себеби руўхый татыўлық халықлардың қәлбин жақынластыратуғын ең исенимли күш болып есапланады.

– Президентимиз усыныс еткен “Уллы жипек жолы мәдений қарым-қатнасы” жойбары мәмлекетлерди бирлестиретуғын руўхый платформа ўазыйпасын атқарады, – дейди Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков. – Мәселен, Самарқанд шынында да Уллы жипек жолының жүреги болып есапланады. Бизде мәдений бирге ислесиўдиң жаңа бетин ашыў имканияты бар. Бул қала әзелден ҳәр қыйлы цивилизациялардың тутасқан орны болған. Бул жерде илим де, ағартыўшылық та, мәдений қарым-қатнас та жоқары болған. Усы мәнисте, “Уллы жипек жолы қарым-қатнасы” басламасы тек ғана тарийхый мийрасқа сүйенбейди, ал жаңа әсирге руўхый жол ашады.

Мәмлекетимиз басшысының және бир басламасы “Туристлик коридор” ҳәм медициналық туризм альянсын жолға қойыў идеясы болды. Бул тек ғана экономикалық раўажланыў емес, ал халықлар арасында дослықты беккемлейтуғын қәдем болып есапланады. Туризм арқалы халықлар бир-бириниң мәдениятын түсинеди, фестиваль ҳәм әнжуманларда болса кеўиллер жақынласады.

Мәдений дипломатия бул кеўиллердиң тили есапланады. Жүреклер болса ҳеш қашан қандай да бир шегаралар менен бөлинбейди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң жасларға қаратылған басламалары болса айрықша итибарға ылайық. “ШБШ университети”ниң онлайн кампусы, студентлер ушын инновациялық таңлаўлар ҳәм олимпиадалар, илимий бирге ислесиў бағдарламалары жаслардың билимге болған талабын қанаатландырыў, оларды жат идеялардан сақлаўға хызмет етеди.

Усы жағынан, бул басламалар тек ғана билимлендириў жойбары емес, ал экстремизмге қарсы ең нәтийжели профилактика қуралы болып есапланады.

Тяньцзинь саммити ағартыўшылық ҳәм мәденият енди қосымша бағдар емес, ал қәўипсизлик ҳәм раўажланыўдың тийкары екенин және бир мәрте дәлилледи.

ӨзАныӊ хабаршысы

Икром АВВАЛБОЕВ

жазып алды.