Сирия 14 жыллық тәнепистен кейин нефть экспортын тикледи

Сирия нефти дүнья базарына қайтыўы мәмлекет экономикасын тиклеў жолындағы исенимли қәдем болып есапланады.
SANA хабарына бола, бул араб мәмлекетиниң нефть транспорты компаниясы кейинги 14 жыл ишинде биринши мәрте рәсмий түрде өним жеткерип беретуғынын мәлим етти.
“BB Energy”глобал трейдери “B Serve Energy” халықаралық компаниясы ушын Тартус портындағы “Nissos Christiana” танкерине 600 000 баррель аўыр нефть жүкленди. Энергетика министрлигиниң мағлыўматына бола, экспорт етилетуғын шийки зат бир неше кәннен қазып алынған, сондай-ақ, Банияс ҳәм Хомстағы нефтьти қайта ислеў заводларында топланған артықша өнимнен ибарат.
Тартустан 35 км арқада Банияда Сириянын ен ири нефтьти қайта ислеў заводы ҳәм қәнигелескен нефть порты жайласқан. Министрликтиң Нефть ҳәм газ департаменти директорының жәрдемшиси Риёд Ал-Жубасий “Reuters” хабаршысына мәлим етиўинше, келисим усы жылдың июнь айында АҚШ санкциясы бийкар етилгенинен кейин әмел ете баслаған.
– Бул транспорт системасы, танклер ҳәм теңиз терминалының толық пайдаланыўға таяр екенлигин тастыйықлайтуғын әҳмийетли тәжирийбе, – деген хызметкер.
Жергиликли баспасөз нефть экспорты Сирия ҳүкиметиниң көрсетпеси ҳәм Энергетика министрлиги жанындағы Нефть бас басқармасы ислеп шыққан мәмлекеттиң сыртқы нефть базарындағы қатнасыў көлемин кеңейтиў режеси шеңберинде жолға қойылып атырғанын атап өтпекте.
– Экспорт процеси енди үзликсиз даўам етеди, деп үмит етемиз, – дейди Нефть транспорт компаниясының бас директоры Ман Баша. – Санаатты модернизациялаў жойбарлары жергиликли қәнигелер тәрепинен әмелге асырылмақта. Нефть кәнлериниң көпшилиги мәмлекеттиң арқа-шығысында, курд ҳүкимети қадағалаўындағы аймақта жайласқан. Кәнлер февральдан Дамасктағы орайлық ҳүкиметке шийки зат жеткерип бере баслады.
2011-жылғы пуқаралар урысына шекем нефть жалпы ишки өнимниң 20 проценти, экспорттың ярымы ҳәм мәмлекет дәраматының 50 проценттен асламын қураған. Сол ўақытта күнине 380 000 баррель нефть экспорт етилген. 14 жыллық урыс экономика ҳәм инфраструктураны ўайран етти ҳәм кәнлер қайта-қайта қолдан-қолға өтти. Нәтийжеде Сирия электр энергиясын ислеп шығарыў бойынша Иран нефтине қатаң байланып қалды. 2024-жыл декабрьде Башар Асад ҳәкимияттан аўдарылғаннан кейин болса тәмийнат тоқтап қалды.
Соның ушын енди жаңа басшылық тараўды тиклеў, сырт ел компаниялары менен бирге ислесиў орнатыў ҳәм мәмлекетке валюта тартыў ушын кең көлемли реформа алып бармақта.
Г.Сатторова. ӨзА