Өзбекстан ШБШда “жасыл” келешекти қурмақта

Мүнәсибет
Президентимиз Шавкат Мирзиёев Тяньцзинь қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасып, шығып сөйледи. ШБШның сиясий, экономикалық, қәўипсизлик ҳәм гуманитарлық бағдарларын қамтып алған әҳмийетли басламаларды алға қойды. Соның ишинде, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен экология бағдарында да бир қатар усыныс ҳәм басламалар билдирилди.

Абдушукур Ҳамзаев,
Өзбекстан Экологиялық партиясының баслығы, фракция басшысы:

– Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде Президентимиз тәрепинен климаттың өзгериўине бейимлесиў, ҳаўаға зәҳәрли элементлер шығарылыўын азайтыў ҳәм экологиялық қәўип-қәтерлерди алдыннан болжаўда жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы ШБШ шеңберинде “жасыл” трансформацияны жеделлестириў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди. Бул усыныслар тек ғана регионаллық емес, ал глобал әҳмийетке ийе.
Тяньцзинь декларациясы ҳәм ШБШны 2035-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы шеңберинде “жасыл раўажланыў” тийкарғы бағдар сыпатында белгиленгени Өзбекстан басламаларының нәтийжеси сыпатында қаралмақта. Бул халықаралық көлемдеги экологиялық бирге ислесиўди және де тереңлестириў ушын беккем ҳуқықый ҳәм сиясий тийкар болып есапланады.
Өзбекстан Экологиялық партиясы бул басламаларды әмелий ҳәрекетлерге айландырыўда бирге ислесиўши шөлкемлер, жәмийетшилик ҳәм илимий топарлар менен тығыз биргеликте белсене қатнасады.

Гулчеҳра Тожибоева,
Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының ағзасы:
– Президент Шавкат Мирзиёевтиң шығып сөйлеген сөзинде экология ҳәм климат өзгериўи мәселесине итибар қаратылғаны, әлбетте, глобал машқалаларды шешиўде мәмлекетимиз белсенди позиция ийелеп атырғанын көрсетеди.
Бүгин дүньяда климат өзгериўи инсаният ушын ең үлкен қәўиплерден бири сыпатында баҳаланбақта. Бул процесстен ШБШ аймағындағы мәмлекетлер де шетте қалмайды. Президентимиз усыныс еткен басламалар мине, усы машқалаларға шешим табыўға қаратылғаны менен әҳмийетли.
Бәринен бурын, “жасыл” коридорлар ҳәм заманагөй экологиялық инфраструктура ҳаққындағы усыныслар итибарға ылайық. Бул тек ғана экономикалық нәтийже емес, ал тәбиятқа ҳәм қоршаған орталыққа итибарлы қатнаста болыўды күшейтеди. Соның менен бирге, жасалма интеллект жәрдеминде климат өзгерислерин болжаў, қәўип-қәтерлерди алдыннан көриў сыяқлы идеялар заманагөй ҳәм әҳмийетли шешим сыпатында көринди.
Сондай-ақ, “жасыл” санаат тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм арнаўлы Климат кеңесин дүзиў усыныслары – бүгинги күн талапларына сәйкес келетуғын әҳмийетли басламалар болып есапланады. Әсиресе, Аралбойы регионында әмелге асырылатуғын экологиялық ҳәм инновациялық жойбарлар пүткил регион ушын турмыслық әҳмийетке ийе.
Мениңше, бул басламалардың артында бир ҳақыйқат жатады: экономикалық раўажланыў экологиядан узақ болмаўы керек. Жасыл технологиялар, қайта тиклениўши энергия ҳәм тәбиятқа абайлы қатнас – турақлы келешектиң тийкарғы негизи.
ШБШ минберинен жаңлаған бул усыныслар тек ғана регион емес, ал пүткил дүнья көлеминде де әҳмийетли. Себеби, бүгинги экологиялық қәўип-қәтерлер мәмлекетлерди бөлек-бөлек емес, ал биргеликте ҳәрекет етиўге ийтермелемекте. Солай екен, Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинде алға қойылған идеялар келешекте мәмлекетимиз ҳәм пүткил регионда экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде жаңа бағдар ашатуғынына исенемен.
ӨзАның хабаршысы Муҳтарама Комилова жазып алды