Жазып атырған пикирлеримиз – дүньяқарасымыздан дәрек

139

Соңғы ўақытларда социаллық тармақлар, атап айтқанда, инстаграм инсанлардың күнделикли турмысыныӊ ажыралмас бөлегине айланған. Бул платформа тек ғана дослар менен байланысыў ямаса ўақыт өткериў қуралы емес, ал инсан санасын қәлиплестириўши, жәмийетти социаллық, мәдений ҳәм сиясий жақтан өзгертиўши қуралға айланыўы менен ажыралып турады. Инстаграмда ҳәр күни миллиардлаған постлар ҳәм қысқа видеолар алмасылады. Бул болса мыңлаған, миллионлаған пикирлер көринисинде сәўлеленеди. Адамлар сүўрет ҳәм видеолар ушын өзиниң субъектив пикирлерин билдириўи мүмкин. Бирақ ҳәр бир исте норма болғанындай, пикир жазыўдың да өзине жараса мәденияты болыўы керек.

Инстаграм алгоритмлери сондай қурылған, платформада белсендилик, яғный лайклар, постларды көриў ҳәм ең әҳмийетлиси, пикирлер саны жоқары болса, контент және де кеңирек аудиторияға жетип барады. Бул болса өз гезегинде көбирек тәсир күшин арттырады. Сол себепли, көплеген пайдаланыўшылар, әсиресе, блогерлер ҳәм вайнерлер тек ғана белсендиликти арттырыў ушын ҳәр қандай темада ҳәттеки сапасыз ҳәм бийпәрўа контентти үгит-нәсиятлайды.

Өзбекстан шараятында бул жағдай және де айқын көринеди. Көпшилик жағдайларда, айырым блогерлер ҳәм көркем өнер шеберлери шаңарақлық ямаса жеке келиспеўшиликлерди кең жәмийетшиликке алып шығады. Соң, бундай постлар мыңлаған додалаўларға себеп болады. Нәтийжеде, контенттиң мазмуны әҳмийетли болмайды. Активлик жоқары болса, алгоритм оны және де көбирек адамға көрсетеди. Бул болса жәмийеттиң санасына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Себеби көплеген жаслар ҳәм пайдаланыўшылар бундай тәрбиялық әҳмийети жоқ, ҳеш қандай билим ҳәм көнликпени қәлиплестирмейтуғын “аралас” контентти қабыл етип, оған көбирек итибар қаратады.

Керисинше, тарийх, әдебият, сиясат, мәденият ҳәм көркем өнер сыяқлы тараўларда жумыс алып баратуғын контент дөретиўшилер көбинесе ғалабалық аудиторияға жетип барыўда қыйыншылыққа дус келеди. Олардың постлары кемирек пикир ҳәм лайк топлайды. Бул болса инстаграм алгоритми тәрепинен кемирек тарқатылыўына себеп болады. Сол себепли, социаллық тармақта ҳақыйқаттан да пайдалы ҳәм билимлендириўге байланыслы контенттиң орны шекленип қалмақта.

Инстаграмдағы пикирлер тек ғана белсендилик көрсеткиши емес, ал пикир жазып атырған ҳәр бир адамның көзқарасын ҳәм пикирин көрсетиўши қурал. Бирақ тилекке қарсы, көп жағдайларда түсиниклер эмоционаллық, шаўқымлы ҳәм жеңилмес темаларда болыўы адамлардың итибарын реал машқалалар ҳәм үлкен мәселелерден узақлатады. Соның ушын, түсиник жазыў мәденияты ҳәм оның мазмунын көтериў жүдә әҳмийетли.

Биз инстаграмдағы бул күшти унамсыз тәрепке жумсаў орнына, үлкен мақсетлер ушын жумсаўымыз керек. Мәселен, билимлендириў, мәденият, тарийх, социаллық машқалаларды додалаўда белсенди болыў, ҳәр бир пикиримиз арқалы өз пикиримизди тийкарлы ҳәм мәдениятлы түрде билдириў, усы жол менен жәмийетимиздиң санасын көтериўимиз мүмкин.

Жоқарыда келип шығып атырған машқаланы жақсылаў ушын ҳәр бир пайдаланыўшы өз пикирин жазғанда абайлы, ҳүрмет пенен ҳәм ең әҳмийетлиси тийкарланған түрде жазыўы керек. Өз пикиримизди билдирип атырғанда фактлерге сүйенген ҳалда пикир-таласлар алып барыў социаллық тармақ орталығын және де сапалы етеди.

Пайдаланыўшылар өз ўақты ҳәм энергиясын тек ғана жеңил-желпи контентлерге пикир жазыўға емес, ал пайдалы контентлерди қоллап-қуўатлаўға жумсаўы мақсетке муўапық. Бул болса пүткил жәмийетимиздиң жәмийетлик санасы унамлы тәрепке өзгериўине себеп болады.

Қалаберди, социаллық тармақларда үлкен аудиторияға ийе инсанлар өз бақлаўшыларына тәсир етиўши шахслар сыпатында жуўапкершиликти сезиниўи, зыянлы ямаса тийкарсыз контентти үгит-нәсиятлаўдан тыйылыўы керек.

Социаллық тармақларда жазылатуғын пикирлер жәмийеттиң бирлиги ҳәм социаллық белсендилик арқалы пикир алысыў қуралы сыпатында кең көлемдеги машқалаларды шешиўи, пикирлерди қәлиплестириў ҳәм жағдайды бәрқулла жақсы тәрепке шешиўге өз үлесин қосыўы мүмкин.

Ҳәзирги ўақытта социаллық тармақлар тек ғана технологиялық раўажланыў емес, ал жәмийеттиң санасы ҳәм мәдениятының өзгериўинде әҳмийетли рол атқармақта. Өзбекстанда да бул платформалардан тек ғана кеўил ашар ямаса төмен дәрежедеги контентти үгит-нәсиятлаў ушын емес, ал билимлендириў, мәденият ҳәм социаллық жақтан пайдалы материаллар алмасыў ушын пайдаланыў зәрүр.

Пикир жазыў мәдениятын раўажландырыў, өз пикиримизди тийкарлы түрде билдириў ҳәм социаллық тармақлардағы белсендиликти жәмийеттиң келешегин жақсылаў ушын бағдарлаў ҳәр бир пайдаланыўшының, әсиресе, жәмийетте болып атырған ўақыяларға бийпәрўа болмаған инсанлардың әҳмийетли ўазыйпасы болып есапланады. Тек ғана усы жол менен биз социаллық тармақлардың унамсыз тәсирин азайтып, оларды унамлы өзгерислер дәрегине айландыра аламыз.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзА