Журналистлер аўқамы бирге ислесиў меморандумына қол қойды

159

Витебск қаласында Өзбекстан Журналистлери аўқамы менен Беларусь Журналистлер аўқамы арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Беларусь Республикасы Миллий Мажлиси Республика Кеңеси менен биргеликте шөлкемлестирилген III Беларусь-Өзбекстан бизнес-форумы шеңберинде келисилген бул ҳүжжет еки мәмлекет медиа тараўы ўәкиллери арасында бирге ислесиў байланысларын раўажландырыўға хызмет етеди.

– Бул меморандумда өзбекстанлы журналистлердиң Беларусьқа, беларусьлы журналистлердиң Өзбекстанға сапарларын әмелге асырыў, тараў бойынша тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў ҳәм раўажландырыў нәзерде тутылған, – деди Өзбекстан Журналистлер аўқамы баслығының ўазыйпасын атқарыўшы Халмурат Салимов. – Сондай-ақ, бирге ислесиў шеңберинде биргеликтеги тәжирийбе арттырыў илажлары – ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын конференциялар, медиа форумлар, пресс-турлар шөлкемлестириў белгиленген. Журналистлерди аккредитациядан өткериў, журналистлик жумыс ушын руқсатнамалар алыў мәселелеринде тәреплердиң бир-бирине жәрдем бериўи де өз көринисин тапқан. Бул ҳүжжет Өзбекстан ҳәм Беларусь журналистикасының раўажланыўына, өз-ара дослық байланыслары буннан былай да беккемлениўине хызмет етеди.

Илаж жуўмағында Беларусь Журналистлер аўқамының баслығы Андрей Кривошеевке Өзбекстан Журналистлер аўқамының саўғасы тапсырылды.

Хамроз Баянов, ӨзА