Өзбекстан Президентиниң Қытайға рәсмий сапары жуўмақланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қытай Халық Республикасына рәсмий сапарының илажларға бай бағдарламасы жуўмақланды.
Мәмлекетимиз басшысы 31-август күни өмирлик жолдасы менен бирге Тяньцзинь қаласындағы “Мэйцзян” конгресс орайында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми саммитиниң рәсмий емес илажларында қатнасты.


Өзбекстан жетекшиси 1-сентябрь күни ШБШ Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси ҳәм “ШБШ плюс” форматындағы ушырасыўда қатнасып, көп тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм шөлкемниң жумысын жетилистириў бойынша бир қатар басламаларды алға қойды.
2-сентябрь күни Пекин қаласында Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин менен рәсмий делегациялардың қатнасыўында сөйлесиўлер болып өтти. Ушырасыў жуўмағында әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша еки тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламына қол қойылды.


Сондай-ақ, Президентимиз Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен ушырасып, еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады.
Мәмлекетимиз басшысы Қытай Бас министри Ли Цян, сырт ел делегацияларының басшылары ҳәм исбилермен топарлардың ўәкиллери менен де нәтийжели ушырасыўлар өткерди.
Өзбекстан Президенти 3-сентябрь күни Пекин қаласында Екинши жер жүзилик урыс жуўмақланғанының 80 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген Жеңис парадында қатнасты.

Сапар илажлары жуўмақланғаннан соң, мәмлекетимиз басшысы Ташкентке жөнеп кетти. Жоқары мәртебели мийманларды Қытай рәсмийлери шығарып салды.
ӨзА