Лазерли қурылмаға ийе агрегатларды сатып алыўда мәмлекет тәрепинен субсидия ажыратылады

175

Министрлер Кабинетиниң усы жылдың 29-августтағы қарары менен “Аўыл хожалығы техникасы ҳәм лазерли қурылмаға ийе автоматластырылған жер тегислеўши агрегаты баҳасының бир бөлегин қаплаў ушын субсидия ажыратыўды санластырыў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланды.

Реже аўыл хожалығы техникасы ҳәм лазерли қурылмаға ийе автоматластырылған жер тегислеўши агрегаты баҳасының бир бөлегин қаплаў ушын “Subsidiya.mf.uz” мәлимлеме порталы арқалы субсидия ажыратыў ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыўды қадағалаў тәртибин белгилейди.

Режеге бола, қарыйдар субсидия алыўға арза бериў ушын “Subsidiya.mf.uz” мәлимлеме порталында Бирден-бир идентификация системасы (Оne ID) ямаса электрон санлы қолтаңба (ЭРИ) арқалы дизимнен өтеди.

Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорында субсидия ажыратыўды көрип шығатуғын комиссия дүзиледи.

Комиссия “Subsidiya.mf.uz” мәлимлеме порталы арқалы келип түскен арза ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлерди 5 жумыс күнинде үйренип шығады.

Қарыйдар “Subsidiya.mf.uz” мәлимлеме порталы арқалы өзине субсидия ажыратыў мақулланғаны ямаса бийкарланғаны ҳаққында мағлыўматқа ийе болыўы мүмкин.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, субсидия – белгиленген техниканы сатып алған қарыйдардың арзасына муўапық аўыл хожалығы техникасы баҳасының 15 проценти, лазерли жер тегислеўши агрегаты баҳасының 30 процентин қаплаў ушын ажыратылатуғын қаржы болып есапланады.

ӨзА