Израиль радар разведка жолдасын ушырды

Израиль мәмлекеттиң орайлық бөлегиндеги “Пальмахим” әскерий базасынан “Ofek 19” радиолокациялық разведка жолдасын ушырды, деп жазған “Jerusalem Post” мәмлекет Қорғаныў министрлигине сүйенип.
– Жасалма жолдас Қорғаныў министрлиги, Израиль қорғаныў күшлери ҳәм “Israel Aerospace Industries” қорғаныў компаниясы менен биргеликте ушырылды, – делинген газета хабарында.
Басылымның атап өтиўинше, алдыннан жәрияланбаған бул ўақыя айырым аймақларда ҳаўлықпа оятқан. Яғный, халық ракета ушырылғанынан қәўетерленген.
“Ofek 19” ҳәр қандай ҳаўа-райы шараятында жоқары анықлықта сүўретке алыўға мөлшерленген заманагөй радар разведка жасалма жолдасы болып есапланады. Жерге жақын орбитаға шыққаннан кейин, қурылманың ислеўи ҳәм пайдаланыўға таярлығын тексериў мақсетинде бир қатар сынақлар өткериледи.
С.Раҳимов, ӨзА