Өзбекстандағы 96 процент жерлердиң электрон картасы жаратылды

120

Жер ресурслары мәмлекеттиң ең әҳмийетли тәбийғый байлықларынан бири болып, оларды ақылға уғрас басқарыў турақлы раўажланыўдың кепили болып есапланады. Жер фондынан пайдаланыўда экологиялық талаплар, экономикалық мәпдарлық ҳәм социаллық талаплардың үйлесимлилигин тәмийинлеў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен есапланады.

Жер есабын жүргизиў – бар жер фондының муғдары, сапасы, категориялары ҳәм олардан пайдаланыў жағдайын системалы түрде дизимге алыў процеси болып, бул системаның нәтийжели ислеўи ушын заманагөй геомәлимлеме технологиялары, аралықтан зондлаў усыллары ҳәм санлы картография имканиятларынан кеңнен пайдаланыў зәрүр.

Кадастр хызметлерин жақсылаў болса, жер участкаларының ҳуқықый статусы, олардың шегаралары, баҳасы ҳәм пайдаланыў шәртлери ҳаққында толық ҳәм исенимли мағлыўматларды қәлиплестириўди өз ишине алады. Бул, өз гезегинде, жер базарының раўажланыўына, инвестициялық процесслердиң жеделлесиўине ҳәм ресурслардан нәтийжели пайдаланыўға хызмет етеди.

Жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққында Республикалық аэрогеодезия орайының бөлим баслығы И.Тоштанов төмендегилерди айтып берди.

– Соңғы жыллары кадастр тараўында үлкен жумыслар әмелге асырылды, – дейди И.Тоштанов. – Соның ишинде, топографиялық съёмка жумыслары ушын арнаўлы самолёт ҳәм аэрофотокамера, 112 ушыўшысыз ушыў қураллары (дрон) менен тәмийинленди және тараўды санластырыў ушын 6 мәлимлеме системасы ҳәм мағлыўматлар орайы иске қосылды. Нәтийжеде, үш жыл даўамында 96 процент жерлердиң электрон картасы жаратылды. Алып барылған системалы жумыслардың нәтийжесинде резервтеги 1,2 миллион гектар аўыллық жерлерге кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилиўи есабынан 675 мың халық ҳәм фермерлерге 425 мың гектар жерлер бөлип берилди.

Республикамыздағы жер фонды категориялары бойынша аймақлар кесиминде мониторинг жумыслары ҳәм хатлаўлар әмелге асырылмақта.Соңғы  жыллары жер ресурсларын нәтийжели басқарыў, олардан ақылға уғрас пайдаланыў жаңа басқышқа шықты. Соның нәтийжесинде мәмлекетимиздеги барлық жер майданларында басқышпа-басқыш хатлаў өткерилмекте.

Аўыл хожалығы жерлер категориясында болған, әмелде санаат ямаса басқа мақсетлерде пайдаланылып атырған жер майданларын толық хатлаўдан өткериў ҳәм Ҳүкиметлик комиссияға усыныслар киргизиў бойынша Республикалық аэрогеодезия орайының жетекши қәнигелери тәрепинен жер майданлары хатлаўдан өткерилди ҳәм электрон карталары жаратылды.

Жер майданларын хатлаўдан өткериў жумысларын сапалы әмелге асырыўда, тәбийғый, жоқары анықлықтағы өлшеў үскенелерин ҳәм технологияларды қолланыў талап етиледи.

Бул жумысларды шөлкемлестириў ушын Республикалық аэрогеодезия орайы тәрепинен Tecnam P2006T маркалы самолётта алынған аэрофотосүўретлер жәрдеминде ортофопланлар дүзилип, картаға түсирилип атырған аймақлардағы ҳәр бир объект жоқары анықлықта темалы дешифровка етиледи. Бул барлық жерден пайдаланыўшылардың ҳақыйқый шегараларын сүўретлеп бериў имканиятын береди. Буннан тысқары картаға түсирилип атырған аймақларда объектлердиң дәўирлик өзгерислерин де анықлаў мүмкин.

Ҳәзирги ўақытқа шекем Қарақалпақстан Республикасы, Самарқанд, Сурхандәрья ҳәм Хорезм ўәлаятлары бойынша жер есабында көрсетилген жер майданларының әмелдеги жағдайы үйренилди. Хорезм ўәлаятындағы жер фондының барлық 8 категориясы бойынша жер ресурсларының есабатта көрсетилиўи ҳәм олардан әмелде пайдаланыў бойынша анықланған мағлыўматларға бола, ўәлаят бойынша жәми жерлер 608 мың 158 гектар көрсетилген болса, хатлаў нәтийжесинде бул жер майданы 618 мың 432 гектарды қураған.

Жер категорияларының өзгериўи тийкарынан аўыл хожалығы жерлерине туўра келип, есап бойынша аўыл хожалығы фондында турған жер майданлары әмелде жер фондының басқа түрлерине өтип кеткен. Соның ишинде, елатлы пунктлердиң жерлери, санаат жерлери, тарийхый-мәдений әҳмийетке ийе жерлер, суў жерлери ҳәм тәбиятты қорғаў жерлери есабына өткени анықланған. Улыўма алғанда үйрениў нәтийжеси бойынша Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен Жер кодексиниң 9-статьясына тийкарланып аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер категориясындағы 60 мың 284 гектар жерлерди аўыл хожалығы жер фондынан басқа жерлер категориясына өзгертиў бойынша Ҳүкиметлик комиссияға усыныс таярланды.

Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди хатлаў бойынша басқа аймақларда анықланған көрсеткишлер төмендегише: Әндижан ўәлаятында есабат бойынша 360 мың 585 гектарды қураған болса, үйрениў нәтийжесинде 294 мың 756 гектар жер майданы анықланған. Бул көрсеткишлер Самарқанд ўәлаятында есабат бойынша 1 миллион 466 мың 18 гектардан әмелде 1 миллион 270 мың 376 гектарға азайыўы бақланған. Сурхандәрья ўәлаятында 1 миллион 356 мың 595 гектардан әмелде 1 миллион 221 мың 314 гектарға азайыў анықланған болса, аўыл хожалығы жерлери қурамындағы суўғарылатуғын егислик жерлердиң майданы есабат бойынша 296 мың 982,7 гектарды, әмелде болса 273 мың 475,3 гектарды қурайтуғыны анықланған.

817 мың гектар елатлы пунктлер ҳәм санаат жерлери аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер категориясында жүргизилип келингени бул жер участкаларының мүлк ийелерине өз жерлерин меншиклестириў, гиреўге қойыў ҳәм көшпес мүлк сыпатында толық ийелик етиўде тосқынлықларды жүзеге келтирген.

Қарақалпақстан Республикасы, Самарқанд, Сурхандәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларында жәми 542 мың гектардан аслам жер участкаларының категорияларын өзгертиў бойынша усыныслар ислеп шығылып, Ҳүкимет комиссиясына киргизилди.

Бул өзгерислер жер категориялары бойынша мағлыўматлардың исенимлилигин тәмийинлеп, заманагөй қала қурылысы ҳәм санаат инфраструктураларын раўажландырыўға хызмет етеди. Исенимли кадастр мағлыўматлары болса, инвестициялық орталықты жақсылаў, инфраструктураларды раўажландырыў ҳәм социаллық жойбарларды дурыс жайластырыў ушын әҳмийетли тийкар болып есапланады.

 

ӨзА