Өзбекстанның сапалы кептирилген мийўелери Австрия базарында да жоқары талапқа ийе болады

115

Вена қаласында Өзбекстан – Австрия қатнасықларын раўажландырыўға қаратылған илажлар шөлкемлестирилди. Соның ишинде, Саўда-санаат палатасы баслығының биринши орынбасары Давронбек Қурбонов басшылығындағы делегация Австрия Парламентинде нәтийжели сөйлесиўлер өткерди.

Сөйлесиўлерде Австрия Халық демократиялық партиясы фракциясының басшысы Карл Реннер ҳәм Австрия Экономикалық палатасының ағзасы Гунтэр Фэхлинджер қатнасты. Делегацияға мәмлекетимиздиң Австриядағы елшиси Бахтиёр Иброҳимов басшылық етти.

Сөйлесиў алдынан делегациямыз ағзалары сапар даўамында Австриядағы бизнести қоллап-қуўатлаўшы шөлкемлердиң ўәкиллери менен бир қатар ушырасыўлар өткерилгени, нәтийжеде әҳмийетли келисимлерге ерисилгенин атап өтти.

Карл Реннер болса Австрия парламентаризми тарийхы ҳәм нызам шығарыў процеси ҳаққында мағлыўмат берди. Ол соңғы жылларда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған экономикалық реформаларды жоқары баҳалап, Австрия мәмлекетимиздиң Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесин қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Гунтэр Фэхлинджер Өзбекстан сапалы кептирилген мийўелер экспортында үлкен имканиятларға ийе екенин ҳәм бул өнимлер Австрия базарында жоқары талапқа ийе болатуғынын атап өтти.

Бул усыныс мақулланып, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы австриялы шериклерге исенимли жергиликли шериклер табыў ҳәм жойбарлаў мәселелерин шешиўде жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.

Ушырасыў жуўмағында еки тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде саўда айланысын арттырыў ҳәм экономикалық байланысларды тереңлестириў бойынша келисимге ерисилди.

Б.ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзА