Жеке меншик клиникалар – сапа кепиллиги ме ямаса рекламаға тийкарланған исеним?!

Соңғы жыллары мәмлекетимизде медицина тараўының раўажланыўы менен бир қатарда, жеке меншик клиникалардың саны да артып бармақта. Бул жағдай, бир жағынан, халыққа қолайлы ҳәм оператив медициналық хызмет көрсетиў имканиятын жаратпақта. Бирақ басқа жағынан, бундай клиникалардың жумысында жүзеге келип атырған айырым унамсыз жағдайлар, атап айтқанда, сапасыз хызмет, тәжирийбесиз шыпакерлердиң жумысы ҳәм ең ашынарлысы, наўқаслардың өлимине байланыслы шаўқымлы ўақыялар жәмийетшиликти айрықша ойландырмақта.
Көпшилик пуқаралар жеке меншик клиника таңлаўда реклама тийкарында қарар қабыл етеди. Айырым клиникалар атақлы артистлер ямаса көпшиликке белгили шахслар арқалы өз жумысын реклама етеди ҳәм сол арқалы исеним арттырылады. Әлбетте, бул қатнас маркетинг көзқарасынан нәтийжели болыўы мүмкин, бирақ денсаўлық сыяқлы нәзик мәселеде исеним тек ғана реклама менен шекленип қалмайды.
Рекламасы күшли болған, бирақ қәниге таярлығы төмен болған клиникаларда емлениў тек ғана пайдасыз емес, ал өмир ушын қәўипли болыўы мүмкин. Кейинги жыллары айырым жеке меншик клиникаларда надурыс диагноз қойылыўы ямаса хирургиялық операциядан соң наўқасларда өлим жағдайларының дизимге алыныўы социаллық тармақларда кең додалаўларға себеп болмақта. Бул болса жәмийетшилик арасында жеке меншик клиникаларға болған исенимсизликти күшейтпекте.

Жеке меншик медицина мәкемелери тийкарында мәмлекетлик медициналық хызметлерди толықтыратуғын, альтернатив вариант сыпатында көриледи. Бирақ олардың жумысы үстинен жетерли дәрежеде қадағалаў алып барылмай атырғаны үлкен машқала болып қалмақта. Айырым клиникаларда лицензиясыз жумыс алып барыў, қәнигелик дәрежеси төмен болған хызметкерлер тәрепинен наўқасларды қабыл етиў жағдайлары да анықланбақта.
2023-жылы Ташкентте бир жеке меншик клиникада әмелге асырылған әпиўайы хирургиялық операция себепли 27 жасар наўқас қайтыс болды. Тексериўлер бир қанша додалаўларға себеп болды. Сорастырыў нәтийжесинде, емлеўханада жумыс алып барып атырған айырым шыпакерлер маманлық категориясының болмағаны, яғный тастыйықлаўшы ҳүжжет усынбағаны анықланған.
Көплеген адамлар жеке меншик клиникаларға барыўды таңлаўының және бир әҳмийетли себеби, мәмлекетлик емлеўханалардағы айырым машқалалар болып есапланады. Мысал ушын, тазалық, шараят, гезеклер, дәри-дәрмақ тәмийнаты оларды наразы етеди. Бирақ, мәмлекетлик емлеўханаларда ислеп атырған көплеген тәжирийбели шыпакерлер өз кәсибине жуўапкершилик пенен қатнас жасайды.
Мәмлекетлик системадағы бул машқалалар қаржыландырыў, шыпакерлердиң социаллық қорғалыўы, заманагөй технологиялар менен шешилиўи мүмкин. Егер бул бағдарларда системалы жумыслар алып барылса, адамлар және мәмлекетлик емлеўханаларға қайтыўды абзал көриўи мүмкин.
Қәўипсиз денсаўлықты сақлаў жолында халықтың саламатлығын қорғаў тек ғана шыпакерлер ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң емес, ал пүткил жәмийеттиң жуўапкершилиги болып табылады. Жеке меншик клиникаларда наўқасларға исенимли ҳәм маман хызмет көрсетиўди тәмийинлеў ушын лицензиялаў ҳәм сертификатлаў процесслерин күшейтиў зәрүр. Ҳәр бир клиника тексерилип, шыпакерлердиң маманлығы айрықша баҳаланыўы қадағалаўға алыныўы керек.
Медициналық хызметти баҳалаў мониторингин дүзиў арқалы клиникалар ҳаққында еркин экспертлер ҳәм наўқаслардың пикири тийкарында арнаўлы рейтинг ислеп шығылыўы мүмкин. Қалаберди, жумыс ҳүжжетлери ҳәм хызмет көрсетилиўиниң ашық болыўы арқалы ҳәр бир пуқара шыпакердиң тәжирийбеси, дипломлары ҳәм жумыс алып барып атырған мәкеме ҳаққында ашық мағлыўматқа ийе болыўы керек.
Атап өтиў керек болған және бир әҳмийетли тәрепи, инсанлардың денсаўлығы ушын жуўапкер ҳәм олар саналы таңлаўды әмелге асырыўы керек. Бул болса медициналық хызметтиӊ сапасы ҳаққында хабардарлықты талап етеди.
Жеке меншик медициналық хызметлер жәмийетте әҳмийетли орын ийелейди. Бирақ бул хызметлер денсаўлықты сақлаў сапасына кепиллик бермейди. Ҳәр бир пуқара өз денсаўлығы ушын жуўапкершиликти терең аңлап, таңлаўды саналы түрде әмелге асырыўы зәрүр. Медицина – бул реклама емес, өмир ҳәм өлим мәселеси. Сол себепли, ҳәр қандай клиниканың көринисине емес, ал мазмунына, яғный қәнигелердиң маманлығына, хызмет сапасына ҳәм нызамлылығына итибар қаратыў зәрүр. Мәмлекет болса, өз гезегинде, ҳәр еки түрдеги емлеўханалардың жумысын тең салмақлылықта услап, саламат бәсеки арқалы сапаны арттырыўға умтылыўы мақсетке муўапық.
Дилдора ДЎСМАТОВА.
ӨзА