Жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын жаңа ҳуқықый тәртип жаратылады

158

Жаңа қарар

Ҳәр бир тараў, ҳәр бир аймақ, ҳәр бир мәҳәлле – тек ғана исбилермен ҳәрекет еткенде, оларға қулақ салып, исеним билдирилгенде раўажланады, абат болады. Бул сөзлерди Президентимиз 20-август күни исбилерменлер менен болып өткен ашықтан-ашық сөйлесиўде айрықша атап өтти.

Усы жыл 12-август күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын қолайлы шараят жаратыў илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.

Жасырын экономиканыӊ үлесин сезилерли дәрежеде қысқартыў, салық салыў базасын кеңейтиў, физикалық тәреплер ушын нызамлы жумыстың тартымлылығын арттырыў жолында қабыл етилген бул қарар бойынша Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы баслығының кеңесгөйи Умидбек САФАРОВтың пикирлери менен қызықсындық.

– Исбилерменлик етпекши болған ҳәр қандай шахс ушын жаңа дәўир басланды, – деп пикирин баслады У.Сафаров. – Ҳәммемизге белгили, Президентимиздиң 12-августта “Жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын қолайлы шараят жаратыў илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди ҳәм онда 2026-жылдың 1-январынан баслап жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын жаңа ҳуқықый тәртип жаратылады.

Хош, буның мәниси қандай, жаңа ҳуқықый тәртип дегенде нени түсиниў мүмкин? Бул соны аңлатады, енди исбилерменлер өзиниң 1 миллиардқа шекемги айланыс қаржысынан тек ғана бир процент муғдарында салық төлеўи белгилеп қойылды. Буны болса арнаўлы платформа арқалы әмелге асырыў мүмкин, яғный, мәселен, мобиль қосымша жаратылып, ол арқалы Face-ID менен дизимнен өтиледи. Жеке тәртиптеги исбилермен ямаса өзин-өзи бәнт еткен шахс бағдарын белгилеп, исбилерменге айланыўы мүмкин.

Қолайлы тәрепи сонда, исбилерменде артықша жуўапкершиликлер болмайды. Яғный салық есабатларын исбилерменниң өзи тапсырмайды. Бул қарар арқалы салық есабатларын исбилермен ушын платформа ийелери тапсырады ҳәм жуўапкершиликти алады.

Исбилерменнен болса платформа арқалы өним сатып атырғанда QR-код арқалы дизимнен өтиў соралады, болғаны. Бул арқалы платформа сиз ушын есаплаўды баслайды. Исбилерменлер енди мине, усындай имканиятлардан пайдаланатуғын күнлер де жетип келди.

Буннан тысқары, электрон “кошелёклар” бар екенин билемиз. Онда жеке тәртиптеги исбилермен ямаса өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өткеннен соң, жеке тәртиптеги исбилермен ямаса өзин-өзи бәнт еткен шахс банкке барып, есап бет ашыўға зәрүрлик жоқ. Сол платформада сизге электрон “кошелёк” ашылады. Оның банктеги есабыңыз бенен ҳуқықый статусы бирдей болады. Онда исбилермен қаржыны электрон “кошелёк”ке түсириўи ҳәм қәлеген жерге өткериўи ямаса нақ түрде алыўы мүмкин.

Бул платформа және қандай қолайлық жаратады, деген сораў туўылса, айтыў мүмкин, ҳәр қыйлы шәртнамаларды, есап қағазларын ҳәм актлерди де усы арқалы қәлиплестириў мүмкин. Қарарда белгиленгениндей, булар қол қойылған қағазларға теңлестирилген ҳүжжет болып есапланады.

Және бир қолайлық болса исбилермен жумысшыларды Face-ID арқалы рәсмийлестирип қабыл етиў имканиятына ийе болады. Оларға төленетуғын айлықты қәлесе күнделигин бериўи де мүмкин. Онда жумысшы-хызметкерлерден алынатуғын дәрамат салығын да платформаның өзи қурайды.

Ҳақыйқатында да, Президентимиз реформалардың дәслепки күнлеринен-ақ исбилерменлер менен пикирлес болып, экономикасы қүдиретли, санааты бәсекиге шыдамлы, финанслық системасы турақлы, барлық тараўлары инвесторлар ушын тартымлы болған Жаңа Өзбекстанды қурыўға киристи.

Жақында шөлкемлестирилген исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўде болса дәстүрге бола, киши бизнес ўәкиллеринен баслап ири кәрханалардың басшылары – ең алдыңғы ҳәм пидайы исбилерменлер сыйлықланды. Бундай итибар елимиздиң раўажланыўына үлес қосып киятырған исбилерменлерге исеним, усы тараўға қәдем қойыўды қәлеген жасларға болса үмит бағышлап атырғаны ҳақыйқат.

ӨзАныӊ хабаршысы

Абдулазиз РУСТАМОВ.

жазып алды.