Халқаралық дайджест (+видео)

Аўғанстанда 1-сентябрь күни жүз берген жер силкиниў қурбанларының саны 1124 адамға жетти. Бул ҳаққында Қызыл ярым ай жәмийетиниң гуманитар топары хабар берди. Тәбийғый апатшылықта кеминде 3251 адам жарақатланған, 8 мыңнан аслам үй бүлинген. Қутқарыў топарлары шығыс таўлы аймақларда излеў жумысларын даўам еттирмекте. Жарадарлар Кунар қаласынан Нангархар ўәлаятына вертолётлар арқалы эвакуация етилмекте. Жоллардағы бүлгиншилик себепли айырым аймақларға қутқарыўшылар елеге шекем жетип бармаған.
Уллы Британияда 1884-жылдан берли ең ыссы жаз дизимге алынды. Климат өзгериўи себепли келешекте аномал ыссылық тез-тез бақланыўы мүмкин. Бул ҳаққында Reuters хабар берди. Мәмлекетте жаз мәўсиминде төрт ыссылық толқыны атап өтилди. Июнь, июль ҳәм август айларында орташа температура 16,1 градус Цельсий болды, бул 2018-жылдағы 15,76 градусты артта қалдырған.
Финляндияның Микели қаласында НАТО қурғақлық армиялары регионаллық сәркардалығы штабы рәсмий жумыс баслады. Бул ҳаққында мәмлекеттиң қурғақлық әскерлери өзиниң рәсмий сайтында жәриялады. Қала Россия шегарасынан тек 140 километр, Санкт-Петербургтан болса 304 километр узақлықта жайласқан. Алдын Россияға ең жақын НАТО сәркардалығы штабы Полшаның Щецин қаласы еди. Ол Калининградтан 414 километр узақлықта жайласқан.
Суданның Марра таўларында жайласқан аўылда жүз берген күшли қар қуламасы ақыбетинде мыңнан аслам адам қайтыс болды. Бул ҳаққында Батыс Судан регионын қадағалап атырған Азатлық ҳәрекети 2-сентябрь күни баянат берди. Мәлим етилиўинше, тәбийғый апатшылық 31-август күни, аймақта бир неше күн даўам еткен күшли жаўынлар ақыбетинде жүз берген. Ҳәрекет жетекшиси Абдулваҳид Муҳаммад Нур қар қуламасы аўылды пүткиллей жер менен жексен еткени, тек ғана 1 адам тири қалғанын мәлим еткен. Судан азатлық ҳәрекети Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм халықаралық гуманитар шөлкемлерге мүрәжат етип, қайтыс болғанлардың денелерин қар қуламасы астынан алып шығыўда жәрдем сорамақта.
Европа комиссиясы басшысы Урсула фон дер Ляйен 31-август күни Болгарияға қоныўға урынып атырғанда GPS навигация менен байланыслы машқалаларға дус келди. Бул ҳаққында комиссия ўәкили SNN телеканалына мәлим етти. Еврокомиссия Болгария рәсмийллеринен “буны Россия әмелге асырған болыўы мүмкин” деген мағлыўмат алған. Кремль болса бул айыплаўды бийкарламақта. Урсула фон дер Ляйен болған самолёт қәўипсиз қоныўды әмелге асырған, ушыўшылар самолётты қағаз карталар жәрдеминде қондырған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги