Өзбекстан мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 34 жыллығына бағышланған рәсмий қабыллаў мәресими болып өтти

Мәмлекетимиз елшиханасы тәрепинен Исламабад қаласында Өзбекстан мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен рәсмий қабыллаў мәресими өткерилди, деп хабар береди “Дунё” МА.
Илажға қабыллаўшы мәмлекет ҳүкиметиниң жоқары мәртебели ўәкиллери, соның ишинде, тийкарғы мийман сыпатында темир жоллар министри Муҳаммад Ҳаниф Аббаси қатнасты. Сондай-ақ, сырт елдеги пакистанлылар ислери ҳәм инсан ресурсларын раўажландырыў министри Чоудри Салик Ҳусайн, Бас министрдиң арнаўлы жәрдемшилери ҳәм координаторлары, сенаторлар, мәмлекетлик уйымлардың басшылары, Қураллы Күшлер, елшилер ҳәм дипломатлар, жәмийетлик шөлкемлер, исбилермен топар, академиялық жәмәәт, ҒХҚ ҳәм белсенди ўатанласлар қатнасты.
Қабыллаў мәресими еки мәмлекеттиң миллий гимнлериниң намалары астында басланды.
Өзбекстан елшиси өзиниң шығып сөйлеген сөзинде елимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм турақлы экономикалық раўажланыў ҳаққында мағлыўмат берди. Соның ишинде, Өзбекстан ЖИӨ кейинги жылларда турақлы өсимге ерисип, 2024-жылы 115 миллиард АҚШ долларын қурағаны, быйыл болса 130 миллиард доллардан артыўы күтилип атырғаны атап өтилди. Миллий экономиканың экспорт қуўатлылықлары 26 миллиард долларға жеткени, алтын-валюта резервлери биринши мәрте 48 миллиард доллардан артқаны атап өтилди. Соның менен бирге, Өзбекстанға тартылған сырт ел инвестицияларының муғдары дерлик 130 миллиардқа жеткени атап өтилди.
– Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилген, – деди елши Алишер Тўхтаев. – Еки мәмлекет басшылары тәрепинен қол қойылған Биргеликтеги декларация ҳәм Стратегиялық шериклик жоқары кеңеси ҳаққындағы протокол тарийхый әҳмийетке ийе болып, узақ мүддетли бирге ислесиў ушын беккем тийкар жаратты. Сондай-ақ, “Өзбекстан – Аўғанстан – Пакистан” темир жолы қурылысының жойбары регионаллық интеграцияда үлкен әҳмийетке ийе.
Пакистан темир жоллары министри Муҳаммад Ҳаниф Аббаси өзиниң шығып сөйлеген сөзинде, Шаҳбоз Шариф ҳүкимети атынан Өзбекстан Президенти ҳәм халқын Ғәрезсизлик күни менен қутлықлап, тынышлық ҳәм абаданлық тилеклерин жеткерди. Ол, сондай-ақ, еки мәмлекетти тығыз байланыстырып турған улыўмалық тарийх ҳәм уқсас мәдений қәдириятларды атап өтип, Өзбекстанды региондағы тийкарғы бирге ислесиўши сыпатында баҳалады ҳәм өз-ара саўда көлемин 2 миллиард долларға жеткериў бойынша избе-из қәдемлерди қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Илаж шеңберинде Өзбекстанның социаллық-экономикалық ҳәм мәдений турмысы, сыртқы сиясаттағы жетискенликлерине бағышланған фотокөргизбе, миллий өнерментшилик буйымлары, саз әсбаплары, китаплар ҳәм миллий тағамлар көрсетилди. Мәресим байрам дастурханы ҳәм Хорезмнен мирәт етилген көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы миллий нама-қосықлар менен даўам етти.
1-сентябрь күни Исламабадтағы ең бийик “Mövenpick” мийманханасы имаратындағы үлкен өлшемли экранда Өзбекстан мәмлекетлик ғәрезсизлиги байрамы мүнәсибети менен қутлықлаў видеоролиги күн даўамында көрсетилип турғанын айрықша атап өтиў керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги