Бүгинги глобал дәўирде ШБШның санлы раўажланыў стратегиясы айрықша әҳмийетке ийе

73

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тяньцзин қаласында болып өтетуғын Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилиси ҳәм “ШБШ плюс” форматындағы саммитте қатнасады.

Илажлар күн тәртибинен тийкарғы бағдарларда көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм шөлкемниң жумысын буннан былай да жетилистириўдиң әҳмийетли тәреплери орын алған.

Бул әҳмийетли сөйлесиў майданы көплеген тараўларда бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди. Соның ишинде, структураның санлы раўажланыў стратегиясы бойынша жолға қойылған жойбарлар да көп.

Тема бойынша Орайлық Азия халықаралық институтының жетекши илимий хызметкери Озод ТАНБАЕВтың пикирлери менен қызықсындық.

– Шанхай бирге ислесиў шөлкеми өзиниң санлы күн тәртибин әмелге асырыўда әҳмийетли басқышқа кирди, – дейди ол. – Кейинги бес жыл ишинде шөлкем санластырыўды электрон басқарыў ҳәм трансшегаралық саўдадан баслап киберқәўипсизлик, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм жасалма интеллектке шекемги дерлик барлық бағдарларға барған сайын жедел түрде енгизбекте.

Бирақ декларациялардан әмелиятқа өтер екенбиз, ШБШ технологиялық теңсалмақсызлықлар, суверенитетлер арасындағы бәсеки ҳәм сыртқы геосиясий басымлар менен белгиленетуғын қурамалы шараятқа да дус келмекте.

Ағза мәмлекетлер санлы трансформацияны ең әҳмийетли стратегиялық тийкарғы бағдарлардан бири сыпатында белгилеген. Санластырыў шөлкемниң узақ мүддетли раўажланыў режелери ҳәм институционаллық архитектурасына киргизилген. Бул бир қатар тийкарғы ҳүжжетлерде сәўлеленген. 2020-жылы қабыл етилген ШБШ Мәмлекет басшылары кеңесиниң Санлы экономика ҳаққындағы билдириўи, 2023-жылдағы Санлы трансформация ҳаққындағы билдириў ҳәм 2025-жыл июньде тастыйықланған Санлы трансформация бойынша Ҳәрекетлер режеси усылардың қатарына киреди.

Бул соңғы ҳүжжет бирге ислесиўди киберқәўипсизлик ҳәм мағлыўматларды қорғаў, электрон коммерция ҳәм ақыллы логистика, жасалма интеллект ҳәм робототехника, кадрлар таярлаў, нормативлик-ҳуқықый үйлестириў сыяқлы әҳмийетли тийкарғы бағдарлар бойынша системаластырады.

Структураның санлы интеграцияға бағдарын бир қатар процесслер тастыйықлайды.

Бириншиден, трансшегаралық электрон коммерция жедел өспекте. 2024-жылы Қытай ҳәм ШБШның басқа да мәмлекетлери арасында санлы платформалар арқалы әмелге асырылған саўда көлеми 14 процентке артып, 12,8 миллиард долларға жетти. Alibaba ва JD.com сыяқлы Қытай компаниялары Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Пакистанда жумысын кеңейтип, Пекинниң регионаллық платформа экономикасындағы жетекшилигин беккемледи.

Екиншиден, киберқәўипсизлик ШБШ шеңберинде бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарына айланды. Ағза мәмлекетлер киберқорғаныў, дезинформацияға қарсы гүресиў ҳәм мағлыўматларды басқарыў бойынша көзқарасларды раўажландырыўда бирге ислесиўди күшейтиў зәрүр екенлигин атап өтпекте. Бул бойынша Москва ШБШ шеңберинде улыўма “кибер суверенитет” концепциясын ислеп шығыў басламасын алға қойды. Басқа ағзалар, соның ишинде, Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери регионда және де қәўипсиз ҳәм исенимли санлы орталық жаратыўға өз тәжирийбеси ҳәм көзқарасларын қосыўға таяр екенин билдирмекте.

Үшиншиден, ШБШ мәмлекетлери арасында нормативлик үйлестириў бойынша тәжирийбелер басланды. 2023-2025-жыллары Қытай, Қазақстан ҳәм Өзбекстанның қатнасыўында санлы бажыхана ҳәм логистика тараўларында пилот жойбарлар әмелге асырылды. Олар мағлыўматлар ағымын әпиўайыластырыў, санлы қолтаңбалардан пайдаланыў ҳәм электрон лицензияларды өз-ара тән алыў арқалы ШБШ шеңберинде “Санлы Жипек жолы”н қәлиплестириўди мақсет етпекте.

2025-жылы Тяньцзинде өткерилген Санлы экономика форумында усыныс етилген ШБШ Санлы орайын шөлкемлестириў орайласқан муўапықластырыў механизмин жаратыўы мүмкин. Бундай платформа санлы стандартларды үйлестириўи, системалардың бейимлесиўшеңлигин тәмийинлеўи ҳәм жасалма интеллект, логистика ҳәм “ақыллы қалалар” бойынша пилот жойбарлар ушын орай болыўы мүмкин.

Жуўмақ сонда, стратегия ҳәм структура арасында ШБШның санлы трансформация стратегиясы кең көлемли ҳәм өз ўақтында ислеп шығылған. Бул глобал басқарыўдағы бослықларды толтырыўға умтылып атырған регионаллық шөлкемлердиң тенденциясын сәўлелендиреди.

ӨзАның хабаршысы Беҳруз Худойбердиев жазып алды