ШБШ Бас хаткери Тяньцзин саммити ҳаққында айтты

Тяньцзин саммити жуўмақлары бойынша ШБШ жаңа бақлаўшы мәмлекетлер ҳәм сөйлесиў бойынша шериклер қабыл етилиўин жәриялаўы мүмкин, деп интервью берди “РИА Новости”ға бул структураның бас хаткери Нурлан Ермекбаев.
– Мен бақлаўшы ямаса диалог бойынша шерик статусын алыў ушын арза берген мәмлекетлердиң атын ҳәзирше мәлим ете алмайман, – деди ол. – Соны атап өтиўди қәлер едим, бул арзалар ағза мәмлекетлер тәрепинен көрип шығылмақта ҳәм қабыл етилген қарарлар саммит жуўмақлары бойынша жәрияланады.
Бас хаткердиң атап өтиўинше, кеңейиў ШБШның трансрегионаллық бирлеспе сыпатында раўажланыўындағы логикалық процесс болып есапланады.
Сондай-ақ, ол Аўғанстан менен бирге ислесиў мәселесине де тоқтап өтти.

– Бизге белгили, ШБШға ағза барлық мәмлекетлер Аўғанстан ҳүкимети менен еки тәреплеме тийкарда бирге ислеседи,-деди Н.Ермекбаев. – Шөлкем бул үлкедеги жағдайды дыққат пенен бақлап бармақта.
Оның қосымша етиўинше, Аўғанстандағы экономикалық жағдай унамлы тәрепке жақсыланбақта, бирақ гуманитарлық ҳәм социаллық тараўларда, соның ишинде, ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳәм терроризмге қарсы гүресиўде машқалалар сақланып қалмақта.
Мағлыўмат орнында: ШБШ 2001-жылы шөлкемлестирилген халықаралық шөлкем болып, оның қурамына Беларусь, Ҳиндстан, Иран, Қазақстан, Қытай, Қырғызстан, Россия, Тәжикстан, Пакистан ҳәм Өзбекстан киреди. Бақлаўшы мәмлекетлер – Аўғанстан ҳәм Монголия, бирге ислесиўши мәмлекетлер – Әзербайжан, Армения, Камбоджа, Непал, БАӘ, Түркия ҳәм Шри-Ланка болып есапланады.
ӨзА