Өзбекстан ҳәм Беларусь: Парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы ҳүжжетлерге қол қойылды

114

Өзбекстан Республикасы парламент делегациясы Беларусь Республикасына келди.

Витебскте өтип атырған бизнес-форум шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Беларусь Республикасы Миллий мәжилиси Республикалық Кеңесиниң Баслығы Наталья Кочанова менен ушырасты.

Онда сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм парламентлераралық бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды. Атап өтилгениндей, еки мәмлекет басшылары арасындағы сөйлесиў ҳәм жоқары дәрежедеги сапар етиўлер мәмлекетлераралық қатнасықларды жаңа басқышқа алып шықты.

Еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў көлеми кейинги жыллары 5 есеге артты. Санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў ҳәм туризм тараўларында биргеликте жойбарлар әмелге асырылмақта.

Мәдений-гуманитарлық тараўда “Шарқ тароналари”, “Славянский базар” сыяқлы фестивальлар өткериў арқалы бирге ислесиў күшейтилгени атап өтилди. Билимлендириў бағдарында 45 жоқары билимлендириў шөлкеминиң бирге ислесиўи жолға қойылып, еки мыңнан аслам студент билим алмақта.

Парламентлераралық бағдарда сапарлар, биргеликтеги форумлар ҳәм комиссияның жумысы избе-из даўам етпекте. Усы жылы “Дослық топары” бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссияға айландырылғаны әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланды.

Ушырасыў жуўмағында парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы ҳүжжетлерге қол қойылды.

 

***

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Витебск қаласындағы Жеңис майданында Екинши жер жүзилик урыс жылларында қайтыс болған жаўынгерлердиң естелигине бағышланған естелик комплексине гүл қойыў мәресиминде қатнасты.

Н.Абдураимова,

ӨзА