Еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды

1700

Пекин қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң ушырасыўы болып өтти.

Сөйлесиў алдында Россия жетекшиси мәмлекетимиз басшысы ҳәм Өзбекстанның  көп миллетли халқын Ғәрезсизлик күни менен қызғын қутлықлап, абаданлық, турақлы раўажланыў ҳәм тынышлық тиледи.

Алдынрақ болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ўақтында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў көзқарасынан Өзбекстан-Россия кең көлемли  стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў пәтин  сақлап  қалыўға  қаратылған муўапықластырылған илажларды қабыл етиў  әҳмийетли екени  атап өтилди.

Экономиканың тийкарғы тармақларында жойбарларды таярлаў ҳәм әмелге асырыўды  жеделлестириў, аймақлар арасында ҳәм  шөлкемлестирилген биргеликтеги санаат парклери шеңберинде кооперация қатнасықларын хошаметлеўге айрықша итибар қаратылды.

Гуманитар тараўда, бәринен бурын, мәденият, көркем өнер, илим ҳәм билимлендириў бағдарларында нәтийжели бирге ислесип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен  атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.

ӨзА