“Өзбекнефьтгаз” АЖ 2-сентябрьден баслап АИ-80 бензинин сатыўды тоқтатты

Бул ҳаққында жәмийеттиң мәлимлеме хызмети хабар берди. Онда жазылыўынша, мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 30-январьдағы “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл экономика” жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында”ғы пәрманының орынланыўы шеңберинде шөлкем басқышпа-басқыш жоқары октанлы (АИ-92) автобензин ислеп шығарыўға өтпекте.
Пәрманға бола, сентябрьден баслап биржа саўдаларына тек ғана жоқары октанлы бензин жайластырылыўы белгиленген. Соған тийкарланып, “Өзбекнефьтгаз” АЖ 2025-жыл 2-сентябрьден баслап АИ-80 бензинин сатыўды тоқтатты. Оның орнына АИ-92 маркалы автобензинниң биржа саўдаларындағы көлемлери арттырылды.
Егер алдын 1000 тонна АИ-92 бензини биржа саўдаларына қойылған болса, ҳәзирги ўақытта бул муғдар 1720 тоннаға жеткен. Ишки базар талабынан келип шығып, көлемлерди және де арттырыў имканияты бар екенлиги атап өтилмекте.
Сондай-ақ, усы жылы август айында исбилермен-тутыныўшылар тәрепинен сатып алынған АИ-80 бензини сентябрь айында да қалдықлар ҳәм миннетлемелер тийкарында өз ийелерине жеткерип бериледи.
ӨзА