Пайтахтымызда 25 мәҳәллениң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды

170

Мәҳәлле – бул халқымыз турмысының, үрп-әдет ҳәм қәдириятларының орайы есапланады. Мине,  усындай уллы қәдириятлар орайы болған мәҳәллелерге  Президентимиз тәрепинен айрықша итибар қаратылып,   халықтың турмыс тәризин жақсылаў, бунда пуқаралар менен тиккелей ислесиўши мәҳәлле институтын жетилистириў, оның системалы жумыс алып барыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Усындай ийгиликли жумыслардың даўамы сыпатында  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында» ғы қарары тийкарында Нөкис қаласында 25 мәкан пуқаралар жыйынларының имараты жаңадан қурылды.

Ең уллы ҳәм ең әзиз байрам қарсаңында бир күнде 25 мәҳәллениң заманагөй типтеги имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы – «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!» деген сүренниң айқын көриниси болды.

Усы мүнәсибет пенен болып өткен илажлар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет баслығы Ш.Өтемисов, Мәҳәллелер ассоциациясы  Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турманов, Нөкис қаласы ҳәкими А.Дәнияров, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм мәҳәлле халқы қатнасты.

Атап өтилгениндей, Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде қурып питкерилген жаңа типтеги мәҳәлле имаратлары келешекте мәҳәлле жетилигиниң еле де халық пенен тығыз ислесиўине тийкар жаратады.

Сондай-ақ, соңғы жылларда мәҳәллелеримиз үлкен жаңаланыў, курылыс майданларына айланып кетти. Халық пенен тығыз бирге ислесиўде халықшыллық принципи кең ен жайып, пуқаралардың ғәрезсизлигимиз берген бүгинги өзгерислерге шүкиршилик және мақтаныш сезимлери артып бармақта.

Бунда әлбетте, мәмлекетимиздиң тийкарғы өзеги болған – мәҳәлелердеги мәҳәлле жетилигиниң нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеўге кең дыққат аўдарылмақта. Жылдан жылға жаңа мәҳәлле имаратлары бой тиклеп, бул жаңаланыўлар мәҳәллениң мәмлекет ҳәм халық арасындағы шын мәнисиндеги беккем көпир болыўын тәмийинлеп атыр.

Жаңа имаратлары тапсырылған мәҳәллелер қатарында “Наўқан бағ”, “Шығыс”, “Туран”, “Дәрбент”, “Гүзар”, Жайхун ҳәм “Көк өзек” сыяқлы мәҳәлелерди атап өтиўимизге болады.

Илажда жыйналғанлар жаңа мәҳәлле имаратындағы жетилик ағзалары ҳәм мәҳәлле халқына жаратылған имканиятлар менен танысты. Жасы үлкенлер пәтияға қол жайып, жаратылып атырған имканиятлар ушын Ҳүрметли Президентимизге және ел басшыларына терең миннетдаршылық билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги