Жаңа мектепке дәслепки қәдемлер қойылды

91

2025-2026-оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен барлық аймақларда “Биринши қоңыраў” илажлары болып өтпекте. Усы күнлерде билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси сыпатында жаңа имаратлар, заманагөй шараятлар менен үскенеленген мектеплер иске қосылмақта. Мине, усындай ири жойбарлардан бири – Беруний районында инвестициялық бағдарлама шеңберинде Бостан мәҳәллесинде, анығырағы, Жаслық елаты мәнзилинде 330 орынлық жаңа улыўма билим бериў мектеби қурып питкерилип, бүгиннен өз жумысын баслады. Илимге қуштар оқыўшылар ушын ашылған бул заманагөй мектеп тек ғана район емес, ал пүткил аймақ халқы ушын әҳмийетли ўақыя болды.

Жойбар баҳасы 10 миллиард 200 миллион сумды қурап, мектеп имараты заманагөй талапларға толық жуўап береди. Онда спорт залы, кәсипке бағдарланған арнаўлы класс ханалары, асхана ҳәм басқалар болып, балалардың ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын қолайлы шараят жаратылған.

Билимлендириў дәргайының ашылыў мәресиминде Беруний районы ҳәкими И.Хидиров қатнасып, мектеп жәмәәтин ҳәм оқыўшыларды Билимлер күни менен қутлықлады. Раён басшысы билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар, муғаллимлерге қойылатуғын талап ҳәм жас әўлад ушын жаратылып атырған имканиятларға айрықша тоқтап өтти.

Усы аймақта жасаўшы шаңарақлардың перзентлери алдынлары 8 км аралықтағы басқа мектепке қатнаўына туўра келетуғын еди. Енди болса олар өз үйлерине жақын, заманагөй ҳәм барлық талапларға жуўап беретуғын жаңа мектепте билим алыў имканиятына ийе болды.

Жаңа мектептиң ашылыўы билимлендириў тараўындағы жаңа басқыш болып, жас әўлад ушын терең билим алыў имканиятын жаратпақта. Бундай реформалар Ўатанымыздың абадан келешеги жолында әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги