“Grand Swiss 2025”те кимниң имканияты қандай?

Ертең Самарқандта сыйлық қоры 855 мың АҚШ долларынан ибарат “Grand Swiss 2025” турнири басланады.
Бүгинги күнге шекем турнирде қатнасыў ушын арзаларды тапсырған дүнья шахматының онлаған жарқын ўәкиллери әййемги қалаға жетип келди.
Кеше Халықаралық шахмат федерациясы делегациясы қатарында украиналы Анна ҳәм Мария Музычук, Испанияның абырайын қорғап атырған Алексей Широв сыяқлы бир қатар шахматшылар жетип келди.
Бүгин, 2-сентябрь күни ерте таңда германиялы Винсент Каймер, нидерландиялы Аниш Гири, венгриялы Ричард Раппорт, франциялы Максим Вашье-Лаграв, россиялы Полина Шувалова, қазақстанлы Бибисора Асаубайева, ФИДЕ байрағы астында турнирде қатнасатуғын Володар Мурзин сыяқлы гроссмейстерлер күтип алынды.

Сондай-ақ, күн даўамында жәҳән чемпионы Доммаражу Гукеш, турнирдиң биринши санлы қатнасыўшысы Рамешбабу Праггнанандҳа, Анна Шахман сыяқлы 50 ге шамалас шахматшылар жетип келиўи күтилмекте.
Хош, 2026-жылғы жәҳән чемпионатына жолламалар усынатуғын Самарқанд беллесиўлеринде кимлердиң имканияты жоқары ҳәм қайсы шахматшылардың ойынларын бақлап барыў керек болады?
Әлбетте, турнирде беллесетуғын 116 ер адам ҳәм 56 ҳаял шахматшының ҳәр бири өзине тән тартымлы ойын көрсететуғыны сөзсиз.
Бирақ олардың арасында “Grand Swiss 2025” турнириниң биринши санлы қатнасыўшысы Рамешбабу Праггнанандҳа, әмелдеги жәҳән чемпионы Доммаражу Гукеш, жақында Ҳиндстанда өткерилген абырайлы турнирде жеңимпаз болған германиялы Винсент Каймер, 2021-жылғы “Grand Swiss” жеңимпазы Алириза Фирузжа қатарында Аниш Гири, Видит Сантош Гужрати, Нодирбек Абдусатторов, Левон Арониян сыяқлы онлаған вундеркиндлердиң ҳәр бир ойыны классикалық шахматтың жеделлигин көрсетип бериўи менен әҳмийетли болып есапланады.

Ҳаял-қызлар арасындағы беллесиўлерде қытайлы Чжуни Тан, украиналы Анна Музичук, қазақстанлы Бибисара Асаубаева, россиялы Катерина Лагно, ҳиндстанлы Харика Дронавалли қатарында жерлеслеримиз Афруза Ҳамдамова, Умида Омонова, Гулруҳбегим Тоҳиржонова қатнасыўындағы беллесиўлер шахмат ықласбентлериниң дыққат орайында болатуғыны сөзсиз.
Еслетип өтемиз, “Grand Swiss 2025”тиң ерлер жарысында жерлеслеримизден Нодирбек Абдусатторов, Жавоҳир Синдоров, Нодирбек Ёқуббоев, Шамсиддин Воҳидов, Муҳиддин Мадаминов, Жаҳонгир Воҳидов, Муҳаммадзоҳид Суяров, Ортиқ Ниғматов, Абдумалик Абдусалимов, ҳаял-қызлар топарында Гулруҳбегим Тоҳиржонова, Афруза Ҳамдамова, Умида Омонова, Гулдона Каримова ҳәм Мадинабону Халилова жеңимпазлық жолында жарысқа қатнасады.
Тилегимиз, Самарқанд беллесиўлеринде сайланды командамыз ағзалары мүнәсип ойын көрсетип, дүнья шахмат майданында өзбек спортының жаңа жеңис байрағын бәлент көтерсин.
Тўлқин Рўзиев, ӨзА