Ҳуқық, илим ҳәм инсанларға бағышланған өмир

117

Бүгин Өзбекстан ҳуқықтаныўы ҳәм мәмлекетшилиги илиминиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан белгили илимпаз, ойшыл, Өзбекстан Илимлер Академиясының академиги, юридика илимлериниң докторы, профессор, “Өзбекстанға хызмет көрсеткен илим ғайраткери” Ҳожи-Акбар Раҳмонқуловтың туўылғанына 100 жыл толмақта.

Бул сәне тек ғана оның шәкиртлери, кәсиплеслери ҳәм шаңарақ ағзалары ушын емес, ал пүткил мәмлекетимиздиң ҳуқықтаныўшы илимпазлары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының жәмәәти ушын да үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, ол өмири даўамында теория ҳәм әмелиятты үйлестирген ҳалда алып барып, елимизде ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў процесинде мүнәсип из қалдырған уллы илимпаз еди. Оның Өзбекстанның ҳуқықый системасын раўажландырыўға, илимий мектеп жаратыўға ҳәм жаңа әўлад юристлерин тәрбиялаўға қосқан үлеси шексиз.

1925-жылы 2-сентябрьде Шымкент ўәлаятының Сайрам аўылында әпиўайы дийқан шаңарағында дүньяға келген Ҳожи-Акбар Раҳмонқулов жаслығынан мийнет сүйгишлик ҳәм ўатанға муҳаббат пазыйлетлерин көрсетти. Оның жаслығы Екинши жер жүзилик урыстың аўыр жылларына туўра келди. 1941-жылы, 16 жасында, ол Ташкенттеги 84-авиация заводында электромонтёр сыпатында жумыс баслап, урыс жылларында әскерий буйыртпаларды орынлаўға өз үлесин қосты. Бул аўыр дәўирде ол күнине 14 саат ислеген болса да, жоқары жуўапкершилик пенен өз ўазыйпасын орынлады. 17 жасында, әскерий хызметке шақырыўдан азат болыўына қарамастан, Раҳмонқулов өз ықтыяры менен фронтқа жиберилди. Ол 2-Балтық бойы фронтының 6-армиясы 51-гвардия дивизиясы 156-гвардияшы полкиниң автоматшылар ротасы қурамында Уллы Луки, Невел, Старая Русса, Орша, Витебск ҳәм басқа да қалаларды азат етиў ушын болған саўашларда қатнасты. Жарақат ҳәм контузияға қарамастан, ол және қатарға қайтып, мәртлик ҳәм пидайылық көрсетти. Оның бул дәўирдеги ўатансүйиўшилиги ҳәм исенимлилиги кейин ала оның өмири ҳәм жумысының тийкарына айланды. Урыстан кейин Ленинград офицерлер училищесин тамамлап, 1946-жылы киши лейтенант атағы менен резервке шықты. Ол Ўатандарлық урыс ордени ҳәм 12 жаўынгерлик ҳәм юбилей медальлары менен сыйлықланды, бул сыйлықлар оның мәртлиги ҳәм Ўатанға садықлығының белгиси болды.

Урыстан кейин Ҳ.Рахмонқулов Ташкент юридикалық институтына оқыўға кирди. Дәслеп техника тараўында билим алыўды әрман еткен болса да, тәғдир оны юриспруденцияға алып келди. Бул жерде ол өзиниң қызығыўшылығы ҳәм билимге қуштарлығы сыяқлы пазыйлетлерин толық көрсетти. 1950-жылы институтты табыслы тамамлағаннан соң, Өзбекстан Әдиллик министрлигинде мийнет жолын баслады, кейин ала 1953-1956-жыллары армияда хызмет етип, Түркстан әскерий округиниң “Фрунзевец” газетасында редакцияның әдебий хызметкери болып иследи. Бул дәўирде ол өзиниң шөлкемлестириўшилик уқыбын ҳәм жазыўшылық шеберлигин көрсетти. 1956-жылдың ақырында әскерий хызметтен үлкен лейтенант атағында резервке босатылған Ҳ.Раҳмонқулов және Өзбекстан Әдиллик министрлигине қайтып, алдынғы лаўазымы – үлкен тексериўши сыпатында жумыс ислей баслады.

1957-жылы Ленинград мәмлекетлик университетиниң аспирантурасына қабыл етилди. Ол жерде юридика илимлериниң докторы, профессор Н.А.Райгородскийдиң басшылығында илимий-изертлеў жумысларын алып барды ҳәм 1960-жылы “Пахта таярлаў ҳәм оны жеткерип бериў бойынша қатнасықлардың ҳуқықый формалары” темасында кандидатлық диссертациясын қорғады. Ал, 1970-жылы “Санаат ҳәм аўыл хожалығы арасындағы товар айланысы тараўындағы шәртнама қатнасықлары” темасында докторлық диссертациясын жақлады. Бул жумыслар Өзбекстан экономикасының әҳмийетли мәселелерине бағышланған болып, онда машқалалардың ҳуқықый шешимлерин усыныс етти. Оның перспективаны аңлаў ҳәм терең аналитикалық пикирлеў қәбилети усы изертлеўлерде өз көринисин тапты. Усы жерде ол совет дәўиринде-ақ базар қатнасықларына өтиў зәрүрлигин алдыннан көре билгенлигин атап өтиў керек.

1960-1980-жыллары Ҳ.Раҳмонқулов Өзбекстан Илимлер Академиясының И.М.Муминов атындағы Философия ҳәм ҳуқық институтында илимий хызметкер, бөлим баслығы лаўазымларында жумыс иследи ҳәм нәтийжели илимий дөретиўшилик пенен шуғылланды. Атап айтқанда, “Өзбекстан халық хожалығын жолға қойыўдың ҳуқықый мәселелери”, “Аўыл хожалығын материаллық-техникалық тәмийинлеў (нызамшылық ҳәм әмелият)” атлы монографиялары баспадан шығарылды. Сол дәўирде жәмийеттиң экономикалық тийкарын қураған мүлк түри шараятында товар айланысын тәртипке салыўдың ҳуқықый формалары ҳәм усыллары ҳаққындағы жуўмақлары ҳәм усыныслары айрықша қызығыўшылық оятты, илимий пикир-таласларға себеп болды ҳәм ҳуқықтаныўшы илимпазлардың мийнетлеринде жоқары дәрежеде тән алынды.

1980-1985-жыллары Ҳ.Раҳмонқулов Әлийшер Наўайы атындағы Самарқанд мәмлекетлик университетиниң Юридика факультетинде өзиниң басламасы менен шөлкемлестирилген “Пуқаралық-ҳуқықый пәнлер” кафедрасының баслығы сыпатында педагогикалық жумыс алып барып, оқыў-методикалық ҳәм илимий жумыслардың дәрежесин арттырыўға жәрдемлести, оқытыўшылар тәрепинен оқыў қолланбаларын таярлаў ҳәм басып шығарыўға басшылық етти және факультеттиң илимий потенциалын арттырыўға мүнәсип үлес қосты.

1985-1989-жыллары Ҳ.Раҳмонқулов және Өзбекстан Илимлер академиясының И.М.Муминов атындағы Философия ҳәм ҳуқық институтында бөлим ҳәм ҳуқық бөлиминиң баслығы лаўазымларында иследи. 1989-жылы институт директоры лаўазымына сайланды ҳәм Илимлер академиясы тәрепинен тастыйықланды. Бул дәўирде ол институттың илимий бағдарларын анықлаў ҳәм жетилистириў, хызметкерлердиң илимий жумысларының темаларын белгилеў, институттың структуралық бөлимлерин жетилистириў бағдарларына итибар қаратты. Институтта ҳуқық пәнлери бойынша жаңа секторлар шөлкемлестирилди, бул болса мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларына нызам ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыў ҳәм илимий экспертиза жуўмақларын бериўде институттың илимий хызметкерлериниң қатнасын күшейтиўге хызмет етти.

Институтта сол ўақытта тек бир қәнигелестирилген кеңес – философия илимлери бойынша докторлық ҳәм кандидатлық диссертацияларын қорғаў кеңеси жумыс алып баратуғын еди. Ҳожи-Акбар Рахманкулов директор болғаннан кейин юридикалық пәнлер бойынша да қәнигелестирилген кеңес шөлкемлестириў мәселеси менен избе-из шуғылланды. Оның тынымсыз ҳәрекетлери менен институтта Қазақстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстаннан да илим докторларды тартқан ҳалда ҳуқық илимлери бойынша регионаллық қәнигелестирилген кеңес шөлкемлестирилди. Кеңес тек ғана Өзбекстан емес, ал басқа республикалар ушын да жоқары маманлықтағы ҳуқықтаныўшы илимпазларды таярлаўға ҳәм Философия ҳәм ҳуқық институтының илимий абырайын арттырыўға хызмет етти.

Сондай-ақ, Ҳ.Раҳмонқулов үлкен илимий-әмелий әҳмийетке ийе болған “Агросанаат комплексинде шәртнама қатнасықлары” атлы монографиясын жазды. Изертлеўде аўыл хожалығы өнимлерин сатып алыў, пайдаланылмайтуғын артықша материаллық-техникалық қуралларды сатыў, аўыл хожалығы кәрханаларына өндирислик-техникалық хызметлер көрсетиў ҳәм басқа да мәселелер бойынша шәртнама қатнасықларының кең шеңбери қамтып алынды, олардың агросанаат комплексинде тутқан орны ҳәм шәртнама миннетлемелериниң ҳәр бир түрин бузғаны ушын жуўапкершилик мәселелери талқыланды. Ондағы илимий жуўмақлар ҳәм әмелий усыныслар жәмийет раўажланыўының усы басқышында мәмлекетте әмелге асырылған экономикалық ҳәм ҳуқықый реформалардың көриниси болды.

Оның Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйи сыпатындағы жумыс дәўири республика турмысындағы үлкен тарийхый ўақыялар менен сәйкес келди. Өзбекстан өзин суверен мәмлекет деп жәриялады, республиканың бийғәрез мәмлекет сыпатындағы ҳуқықый статусын белгилеў, оның жәмийетлик системасы ҳәм мәмлекетлик қурылысында жаңа басқышты есапқа алған ҳалда Өзбекстан Конституциясын ислеп шығыў ҳәм жаңа сиясий шараятларда басқа суверен республикалар менен қатнасықлардың ҳуқықый тийкарларын анықлаў мәселелери күн тәртибине қойылды. Бул процесслерде ол тиккелей қатнасты. Атап айтқанда, Конституциялық комиссияның ағзасы сыпатында Ҳожи-Акбар Раҳмонқулов бийғәрез Өзбекстан Конституциясы жойбарының “Жәмийет ҳәм шахс” бөлими үстинде ислеген жумысшы топарға басшылық етти.

Усы дәўирде Ҳожи-Акбар Раҳмонқулов пуқаралардың ҳуқықлары менен миннетлемелери, шахс еркинлигине тийисли халықаралық ҳүжжетлер, конференция материаллары, конвенциялар, декларациялар менен толық танысып, 1991-жылы “Пуқаралық: шахс ҳуқықлары, миннетлери ҳәм еркинлиги” атлы монографиясын баспадан шығарды. Бул темаға арналған биринши комплексли ҳәм тутас монография еди. Ондағы илимий тийкарланған усыныслар ҳәм пикирлер Конституция жойбарының пуқаралық, жеке ҳуқық ҳәм еркинликлер, сиясий ҳуқықлар, экономикалық ҳәм социаллық ҳуқықлар, инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлери және пуқаралардың миннетлемелерине бағышланған бапларын ислеп шығыўда итибарға алынды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1993-жыл 20-майдағы 159-Ф-санлы бийлигине муўапық дүзилген жумысшы топардың басшысы сыпатында Ҳ.Раҳмонқулов жаңа Пуқаралық кодексиниң концепциясын ислеп шығыўға басшылық етти ҳәм оның жойбарын таярлаўда өзиниң шөлкемлестириўшилик ҳәм жоқары илимий талантын көрсетти. Бул кодекс ҳақылы түрде “базар экономикасы конституциясы” деп аталады. Кодекс жаңа жәмийет системасының раўажланыў тенденцияларын есапқа алған ҳалда ислеп шығылған ҳәм кең қатнасықлар шеңберин қамтыған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң биринши бөлими (1995-жыл 21-декабрь) ҳәм екинши бөлими (1996-жыл 29-август) тастыйықланғаннан соң Ҳ.Раҳмонқулов оның шолыўларын таярлаў жумысларын жолға қойды. Биринши бөлимге шолыўларды өзи таярлады, ал екинши бөлимниң шолыўлары республикалық пуқаралық ҳуқық қәнигелери тәрепинен оның басшылығында ислеп шығылды.

Ҳ.Раҳмонқулов қәнигелер жумысшы топарының жумысына басшылық етип, Өзбекстан Республикасының әҳмийетли нызам ҳүжжетлеринен бири – Шаңарақ кодексиниң жойбарын таярлаўға да басшылық етти. Бул Кодекс 1998-жыл 30-апрельде тастыйықланған. 2000-жылға келип Ҳ.Раҳмонқулов биргеликте автор ҳәм жуўаплы редактор сипатында усы кодекске таярланған шолыўларды баспаға таярлады.

Ҳожи-Акбар Раҳмонқуловтың илимий-изертлеў жумыслары оның педагогикалық хызмети менен бәрқулла үзликсиз байланыслы болып келди. ТашМУ юридика факультетинде “Пуқаралық ҳуқықы” пәнинен турақлы лекциялар оқыды. 1993-жылы Ҳ.Раҳмонқуловтың басламасы менен Ташкент мәмлекетлик юридика институтында жаңа “Базар-хожалық ҳуқуқы” кафедрасы шөлкемлестирилди. Ол кафедраны басқарып, оқыў бағдарламасын ислеп шықты ҳәм оған муўапық лекциялар оқыды. Ал, 1999-жылы бийғәрез Өзбекстанның басқа мәмлекетлер менен мүлклик, саўда-экономикалық, шаңарақлық ҳәм мийнет қатнасықлары раўажланыўын есапқа алған ҳалда оның басламасы менен “Халықаралық жеке ҳуқық” кафедрасы шөлкемлестирилди. Кафедрада жас илимпаз-қәнигелер “Рим жеке ҳуқықы”, “Халықаралық жеке ҳуқық”, “Халықаралық саўда ҳуқықы”, “Корпоратив ҳуқық”, “Миннетлемелер ҳуқықы” ҳәм басқа да пәнлерден сабақ берди.

Ҳожи-Акбар Раҳмонқуловтың ең үлкен хызметлеринен бири – бул оның өзиниң илимий мектебин жаратқаны болып табылады. Ол тек жеке изертлеўлер менен шекленип қалмады, ал жүзлеген жас илимпазлар, ҳуқықтаныўшылар ҳәм әмелиятшы юристлер жетистирип шығарды. Оның басшылығында қорғалған диссертациялар, жазылған монографиялар ҳәм илимий жумыслар арқалы пүтин бир цивилистик ҳуқық мектеби қәлиплести.

Ҳ.Раҳмонқулов тек ғана Өзбекстан емес, ал Орайлық Азияның басқа республикалары ушын да илимий кадрлар таярлаўда үлкен үлес қосқан. Оның илимий басшылығы астында Өзбекстан, Тәжикстан, Түркменстан, Әзербайжаннан 60 тан аслам илим кандидаты ҳәм 15 тен аслам илим докторы таярланған.

Бүгин академиктиң көплеген шәкиртлери елимизде ҳәм сырт елде абырайлы илимпаз, судья, прокурор, юрисконсульт ҳәм мәмлекетлик ғайраткер сыпатында жумыс алып бармақта. Олар өз устазынан тек ғана илим емес, ал адамгершилик, жуўапкершилик ҳәм садықлық сабағын да алды. Усы жағынан Ҳожи-Акбар Раҳмонқуловтың аты оның шәкиртлери арқалы еле көп жыллар даўамында илимий ҳәм руўхый турмыста жаңлап турады.

Жуўмақлап айтқанда, академик Ҳожи-Акбар Раҳмонқулов – илим ҳәм адамгершилик үйлескен, сақаўатлы устаз ҳәм жоқары мәнаўият ийеси сыпатында миллий ҳуқықтаныў тарийхында мәңги из қалдырды. Оның 100 жыллығы – бул даңқлы тарийхый сәне, соның менен бирге жаңа әўлад ушын ибрат мектеби есапланады. Ол инсанның өмири ҳәм мийрасы ҳәммеге соннан дерек бермекте: илим тек ғана жүректеги жақсылық пенен үнлес болғанда ғана халық ҳәм Ўатан мәпине хызмет етеди.

Фозилжон Отахонов,

Өзбекстан Республикасы Әдил судлаў академиясы

профессоры, юридика илимлериниң докторы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.