Гүжимтереклилер шексиз қуўанышқа бөленди

143

Бүгин Кегейли районы Гүжим терек мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары ушын оғада қуўанышлы күн болды десек, алжаспаған боламыз. Себеби, 2-сентябрь-Билимлер күни сәнесинде район басшылары тәрепинен аймақ халқы ушын жаңадан қурылған заманагөй 29-санлы мектеп имараты жаңа оқыў жылына саўға сыпатында пайдаланыўға тапсырылды.

Мектептиң ашылыў мәресиминде район ҳәкими А. Камалов қатнасып, аймақ халқын ҳәм мектеп жәмәәтин Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы, жаңа оқыў жылының басланыўы ҳәм жаңа мектептиң ашылыўы менен қутлықлады. Илажда Президентимиздиң басшылығында республикамызда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға жоқары баҳа берилип, бундай ғамқорлықлардан халқымыз миннетдар екенлиги атап өтилди.

-ϴзбекстан Республикасы Президентиниң «2024-2026-жылларда ϴзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 404-санлы қарары тийкарында, улыўма баҳасы 13 миллиард 500 миллион болған мектептиң қурылыс жумыслары жуўмақланып, жаңа мектеп пайдаланыўға тапсырылды,-дейди мектеп директоры Гүлнара Алламбергенова.- 330 орынға мөлшерленген бул билимлендириў дәргайында оқыўшылар ҳәм педагог-хызметкерлер ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Буның ушын ҳүрметли Президентимизге үлкен рахметлер айтамыз.

Салтанатлы мәресимде 1-классқа қәдем қойған балаларға Президент саўғалары тапсырылып, дәслепки қоңыраў даўыслары астында жаңа оқыў жылы басланды.

Әлбетте, жаңа мектеп – гүжимтерекли жаслар ушын заманагөй билим алыў орайы ҳәм келешекке исеним менен қәдем қойыў майданына айланады, деп ойлаймыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.